Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 30 жыллығы мәмлекетимиз бойлап үлкен көтериңкилик пенен белгиленбекте.

Байрам мүнәсибети менен 14-январь күни ерте таңнан ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған «Жаңа Өзбекстан» паркинде Ғәрезсизлик монументине гүл қойыў мәресими болып өтти.

Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы ҳәм әскерий хызметкерлер әскерий оркестр сазлары астында Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Буннан кейин мәмлекетимиз гимни жаңлады. Салтанатлы марш сазлары астында ҳүрметли қараўыл топары монумент әтирапында жүрди.

Қураллы күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў, социаллық қорғаўды күшейтиўге айрықша итибар қаратылыўы нәтийжесинде миллий армиямыз оператив ҳәм ықшам, ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге мүнәсип соққы бере алатуғын жаўынгерлик күшге айланып барып атырғанын атап өтиў керек.

Т.РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы