student writing to notebook at exam or lecture

Студентлердиң оқыўын көшириў төмендеги кеширимли себеплерге байланыслы бәҳәрги семестрден бурын да әмелге асырылыўы мүмкин:

– республиканың бир аймағынан екинши аймағына турақлы жасаў ушын көшкенде;

– турмысқа шығыў мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймаққа көшип өткенде;

– өмирлик жолдасы ямаса ата-анасы әскерий хызметти атқарыў орнын өзгерткенде;

– ата-анасы (өмирлик жолдасы) сырт елдеги мәмлекетлик хызметинен қайтқанда.

Бунда:

– оқыўын көшириў бойынша арза тапсырыў – ҳәр жылы 20-декабрьден келеси жылдың 20-январына шекем;

– оқыўын көшириў бойынша арзаны көрип шығып, қарар қабыл етиў – ҳәр жылы 25-январьдан 15-февральға шекем әмелге асырылады.

Арзалар:

– оқыўын көшириў бир жоқары оқыў орны (ЖОО) шеңберинде болғанда ЖООның қабыллаў комиссиясына тапсырылады;

– басқа жағдайларда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилетуғын Аймақлық жумысшы топарларға тапсырылады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.