«8-декабрь-Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни»  байрамы Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де шөлкемлескенлик пенен көтериӊки кейпиятта белгиленди.

Онда мектеп директорыныӊ руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Адилбек Ҳамидуллаев,  Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Аббаз Алламбергеновлар шығып сөйлеп, оқыўшы жасларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм Конституцияныӊ оқыўшы жаслар турмысында тутқан орны ҳәм әҳмийетин кеӊ түрде түсиндирип өтти.

Илаж даўамында оқыўшылар тәрепинен устаз муғаллимлерине Конституция бойынша сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар берилди.

Байрам илажы оқыўшылардыӊ ана-Ўатан ҳәм ғәрезсизлигимизди жырлаўшы йошлы қосық ҳәм тақмақлары менен күтә мазмунлы өтти.

Насиба Жийенбаева,

 Шымбай районлық ХББ не қараслы 17-санлы мектеп оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.