ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы аймақлы партия шөлкеминиң «Жаслар қанаты» тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң химия-технология факультетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен «Жаслар – ҳуқық үгит-нәсиятшысы» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Илажда сөзге шыққанлар, Бас нызамымыздың бүгинги абадан турмысымызда тутқан орны ҳәм халықшыллығы туўралы пикирлерин билдирди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм олардың нызамлы мәплерин қорғаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларының бири болып есапланады. Ҳәр қандай нызамлар инсан ушын жаратылады ҳәм оның бахытлы турмыс кешириўи ушын хызмет етеди. Олардың ҳуқықлары менен еркинликлери ушын кепил болады.

– Елимизде ҳәр бир инсанның билим алыў ҳуқықына ийе екенлиги Конституциямызда өз көринисин тапқан. Әсиресе, соңғы жылларда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен барлық тараўлардағы сыяқлы билимлендириў тараўында да көлемли реформалар әмелге асырылмақта,-дейди «Жаслар қанаты» бөлиминиң баслығы Ж.Юсупов.

Илажда студент-жаслар Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен өзлери таярлаған презентациялары ҳәм көргизбели материаллары менен қатнасып, пикир-усыныслар билдирилди.

Илажға  белсенди студент-жасларға партия тәрепинен миннетдаршылық хатлар ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги