Тахтакөпир районында «8-декабрь- Өзбекстан Республикасы Конституциясы» қабыл етилгенлигиниң 29 жыллық байрамы салтанатлы түрде белгилеп өтилди.

Байрам кешесине сектор баслықлары, райондағы мәкеме-кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Онда  район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының баслығы Д.Сражатдиновлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын  байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ халқымыз турмысындағы орны ҳәм әҳмийети туўралы жыйналғанларға кеӊ түсиниклер берди.

Буннан соӊ илаж қатнасыўшыларына Тахтакөпир районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы