Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Хожели районлық бөлими тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша өткерилген тергеўге шекемги тексериўде «К.М.» ҳәм «Н.С.» ЖШЖлардың бурынғы басшылары алдын ала тил бириктирип, «К.М.» ЖШЖның 51,9 процентлик үлесиниң «L.F.» ЖШЖға тийисли болыўына қарамастан, ЖШЖның улыўмалық баҳасы 991,7 миллион сумлық өндирислик цехы ҳәм қосымша имаратларын жалған жыйналыс протоколын рәсмийлестирип, қәлбеки ҳүжжетлер арқалы алдаўшылық жолы менен пуқара С.С.тиң атына өткергени анықланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 228-статьясы (ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланкалар таярлаў, оларды қәлбекилестириў, сатыў ямаса олардан пайдаланыў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.