Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң әмелде тәмийинлениўи- демократиялық принциплерге тийкарланған еркин пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәртлериниң бири болып табылады. Мәмлекетимизде қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызам ҳәм нызамасты ҳүжжетлер инсанпәрўарлық идеясы сиңдирилген Конституциямыз негизинде қабыл етилетуғынлығын атап өтиўимиз тийис.

Президентимиз Ш.Мирзиёев: «Конституция ҳәр бир пуқараның санасы ҳәм жүрегинен терең орын алған, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық кепиллейтуғын ҳақыйқый турмыс  нызамына айланыўы лазым», деп айрықша атап өткениндей, бас нызамымыздың тийкарғы бағдары – инсан ҳәм оның өмирин бийбаҳа қәдирият дәрежесине көтериў болып есапланады.

Бас Нызамымыздың 13-статьясында «Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принципларге тийкарланады, буларға муўапық инсан,  оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмаслық ҳуқықлары жоқары  қәдирият болып есапланады. Демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады», деп  беккемлеп қойылған.

Сонлықтан, ең дәслеп инсан қәдири айрықша негиз етип белгиленген  Конституциямызды оқыған ҳәр бир инсан,  улыўма мазмунынан баслап, ҳәр  бир статьясына шекем, миллий мәнаўият ҳәм  қәдириятларымызды терең сезинеди.  Онда  халқымызға тән болған – әдалатлылық, ийман ҳәм меҳир, мәртлик ҳәм ҳақыйқатлық сыяқлы уллы пазыйлетлер сиңдирилгени менен әҳмийетли.

Конституциямыз демократиялық принциплерге тийкарланған дүньядағы ең жоқары ҳуқықый ҳүжжетлерден бири сыпатында атап өтилген ҳәм улыўма инсаныйлық идеялар — теңлик, еркинлик,  миллетлер аралық татыўлық  сыяқлы ең уллы идеялар жәмленгенлигин де жоқары мақтаныш пенен атап өтиў тийис.

Соның менен бирге, ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекеттиң қәлиплесиўинде  Конституция ҳәм нызамлардың үстинлигин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин терең аңлаймыз. Өзбекстанда ҳәр бир пуқара жетик сиясий билимге ҳәм ҳуқықый мәдениятқа ийе болып, жуўапкершилик ҳәм миннетлемелеримизди терең сезинген ҳалда жасаўы мақсетке муўапық. Бунда жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳуқықый ҳүжжет – Конституция тийкарғы көрсетпе ҳәм дәрек сыпатында хызмет етеди.

 

Руслан Джумамуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис

Нызамшылық палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги