2022-жыл 1-январьдан баслап ҳәр бир мәҳәлледе район (қала) ҳәкиминиң исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша жәрдемшиси лаўазымы шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

Бул лаўазымға төмендегилер тайынланады:

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, Қаржы, Бантлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлери, Мәмлекетлик салық комитети, коммерциялық банклер ҳәм басқа да министрликлердиң жуўапкер хызметкерлери;

ашық таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етилген талабанлар;

исбилерменлер, басшы болмағанлар, белсенди жаслар, мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм колледж питкериўшилери де жумысқа алыныўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги