Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Равшан Мамутов Төрткүл районында болып, сайлаўшылар менен ушырасты.
Дәслеп районлық электр тармақлары кәрханасының пуқаралар менен ислесиў бөлиминиң жумыслары менен жақыннан танысты. Кәрхана өткен жылы жаңа электрон системаға өткен болып, усы тийкардағы 40300 абонентке ҳәр бир саатта қанша электр энергиясы сарпланып атырғаны, қайсы аймақта машқала бар екенлиги, оның шешими бойынша тез ҳәм анық мағлыўмат бериў имканиятына ийе. Жаңа система арқалы ислеў нәтийжесинде абонентлерде ушырасып атырған көплеген машқалалар қысқа мүддетте сапластырылмақта.
Деген менен 200 мыңнан аслам халық жасайтуғын районда пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиўши диспетчерлик хызмети ескирген системада жумыс алып барып атырғаны, бул бөлимге жаңа инновациялық қатнас зәрүрлиги атап өтилди. Оларды сапластырыў бойынша усыныслар билдирилди.
«Тўрткўл тумангаз» газ тәмийнаты бөлиминде болған Олий Мажлис депутаты районның тәбийғый газ жетип бармаған аймақларына суйылттырылған газ жеткерип бериў жумыслары менен танысты. Бул жерде жуўапкерлер ҳәр бир шаңараққа жеткерип берилетуғын газ баллонларының стандарттан өткериў процесин үйренди. Соның менен бирге, бул аймақлардың халқын қыстан алып шығыў ушын газ баллонларының ўақтында жеткерип берилиўи әҳмийетине тоқталды.
Соның менен бирге, халыққа сапалы хызмет көрсетиў ушын хызметкерлерге қолайлы шараят жаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, «Тўрткўл тумангаз» газ тәмийнаты мәкемесинде ислеўши хызметкерлер ҳәм пуқаралар ушын ажыратылған бөлмелерде мебель үскенелери менен толық тәмийинленбегенлиги мәлим болды.
Райондағы тәбийғый газ трубаларын ҳәм газ бөлистириў қурылмаларын қадағалаў аймақлардағы аралық район орайынан 60-70 километр узақлығы себепли авариялық жағдайларды сапластырыўда ҳәм оңлаўда хызметкерлердиң жетиспеўшилиги, қосымша хызмет автомашиналары, жаңа заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, бул жерге мүрәжат етип келген пуқаралар менен ушырасып, олардың машқалаларын үйренди ҳәм шешими қадағалаўға алынды.
Депутаттың сайлаўшылар менен ушырасыўы райондағы «Оққамиш» аўыл пуқаралар жыйынында даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги