Пүткил жер жүзинде  жүз берип атырған глобал климат өзгерислери, жерлердиң жарамсыз жағдайға келиўи, топырақтың шорланыўы, биологиялық көптүрлиликтиң қысқарыўы экологияға, экономика тармақларының раўажланыўы ҳәм адамзаттың абадан келешегине әҳмийетли қәўип туўдырмақта.

Көп ғана мәмлекетлерде шөллениў ҳәм жерлердиң деградацияға ушыраўы ақыбетинде дүнья бойынша дерлик 2 миллиард гектар жер майданы жарамсыз жағдайға келип қалған. Соның ишинде, Өзбекстан аймағының  70 проценти ямаса 31,4 миллион гектары  тәбийғый шорланыўына, қум көшиўлери, шаңлы боран ямаса дүбелейлер тәсирине ушыраған қурғақ ҳәм ярым қурғақ майданлардан ибарат. Әсиресе,  Арал апатшылығы ақыбетинде 5,5 миллион гектардан аслам жер дүзлы  шөлге айланғаны ашынарлы. Дүньядағы бул сыяқлы жағдайлар эколгиялық қарама-қарсылықлардың оғада жоқары екенлигин аңлатады.

Бүгин Олий Мажлис Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети, Экоҳәрекет, Өзбекстан миллий университети, Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы, Шорланған топырақларда биодийқаншылық халықаралық орайы менен биргеликте «Аралбойының топырақ, климат, биоҳәртүрлилик жағдайы: әҳмийетли машқалалар ҳәм инновациялық шешимлер» темасында халықаралық конференция өткериледи.

Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Борий Алихонов бүгинги күндеги экологиялық машқалалар, Арал апатшылығы, оның унамсыз тәсирлери ҳаққында тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Арал апатшылығы глобал экологиялық машқала сыпатында дүньяның итибарын өзине тәртты. Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы  жағдай барған сайын кескин түс алып атырған бир ўақытта Президентимиз Шавкат Мирзиёев қысқа мүддетте анық  ҳәм тез илажлар менен  жәҳән  жәмийетшилигин Арал машқаласына итибары, қатнасын өзгертти. Президентимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының  2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялардың аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Усы резолюцияда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын орынлаў мақсетинде  2021-жыл 29-июльда «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының  2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын  әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарар менен Аралбойы регионына экономика тармақларында ресурсларды үнемлеўши ҳәм жоқары нәтийжеге ийе заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, илимий изертлеўлер өткериў ҳәм илимий-инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, халықаралық юирге ислесиўди раўажландырыў менен байланыслы  7 бағдардағы 2021-2024-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген «Жол картасы» тастыйқланған. Соның менен бирге, 65 тийкарғы инновациялық  жойбарлар да тастыйқланған. Бул жойбарлар ушын түрли дәреклерден 1,9 триллион сум қаржы жумсалыўы ҳәм нәтийжеде 4 мың 500 жаңа жумыс орынлары жаратылатуғыны күтилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық  раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында 2 мың 788 жойбар ҳәм объектлерде 21 триллион  209  миллиард сум муғдарында  кең көлемли жумыслардың орынланыўы режелестирилген.

– Арал машқаласы тек Орта Азия емес, ал пүткил адамзатқа тийисли әҳмийетли машқала болып қалмақта, – дейди Шорланған жерлерде биодийқаншылық  халықаралық орайының басшысы Азиз Каримов. – Бүгинги конференцияда тийкарынан Арал апатшылығы нәтийжесинде жүзеге келип атырған машқалалар, Қарақалпақстан Республикасында жер ҳәм суў хожалығында  алып барылып атырған сиясат, бул бағдарда жергиликли ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен қаратылып атырған итибар, күтилип атырған нәтийжелер сыяқлы мәселелер додаланды. Шорланған  жерлерде биодийқаншылық халықаралық орайы тәрепинен усыныс етилип атырған бир қанша жойбарлар көрип шығылды. Олар тийкарында ислеп шығылатуғын усыныслар келеси жумысымызда үлкен әҳмийетке ийе.

Халықаралық конференцияда видеоконференцбайланыс түринде қатнасқан Халықаралық топырақтаныў бирлеспесиниң баслығы Лаура Берта  Санчес ханым қатнасыўшыларға видеомүрәжат етип, планетамызда жүз берип атырған экологиялық машқалаларды жумсартыў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Сондай-ақ, тараўға байланыслы халықаралық дәрежедеги ўәкиллердиң конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўлары оқып еситтирилди. Сондай-ақ, Сенат тәрепинен Арал машқаласы ҳәм оның шешимлери бойынша  әмелге асырылып атырған жумысларға байланыслы таярланған видеоролик көрсетилди.

Конференцияда ҳәзирги қурамалы жағдайда елимизде жер ресурсларын сақлаў, оннан нәтийжели пайдаланыў бағдарында кең көлемли  реформалар алып барылып атырғаны айрықша атап өтилди. Мәмлекетимиз шөллениўге қарсы гүрес, климат өзгериўи бойынша  шеңберли ҳәм Биологиялық көптүрлилик ҳаққындағы конвенцияға қосылғаны атап өтилди.

Халықтың азық-аўқат қәўипсизлиги  және санаат тармақларын әҳмийетли буйымлар менен кепилликли тәмийинлеў, экспорт потенциалын жоқарылатыў тикеллей жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, топырақ өнимдарлығын сақлаўға байланыслы. Мәмлекетимиз аймағының 9,6 проценти суўғарылатуғын жерлерге туўры келип, усы майданларда барлық аўыл хожалығы өнимлериниң  95 проценттен асламы жетистириледи.

Олий Мажлис Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен тиккелей аймақларға шығылып, усы тараўда алып барылып атырған жумыслар қадағалаў-таллаў тәртибинде үйренилмекте, ағымдағы машқалаларды шешиў илажлары көрилмекте.

Конференцияда комитет  экспертлер топарының ағазалары тәрепинен өсимликлердиң  толық азықланыўын тәмийинлеў ушын жаңа әўлад биотөгинлер тийкарында экологиялық қәўипсиз, ресурс үнемлеўши, экономикалық жақтан нәтийжели биоагротехнология жаратылғаны айрықша атап өтилди. Быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасында 1 мың 440 гектар майданда усы биотехнология қолланылған.

Нәтийжеде егилген туғымлардың 98 проценти өнип шыққан, минерал төгинлердиң муғдары  25-30 процентке азайған, топырақтың өнимдарлығы 20-30 процентке ҳәм егилетуғын туқымлардың нормасы  10-20 процентке  азайған.

Конференция шеңберинде жер ресурсларынан ақылға уғырас пайдаланыўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары, жоқары оқыў орынларында заманагөй топырақтаныў-агрохимия қәнигелерин таярлаў, тараўға санлы технолгияларды енгизиў, деградацияға ушыраған топырақлар өнимдарлығын арттырыў ушын инновациялық  технологиялар ҳәм жаңаша қатнаслар, шорланған топырақлар шараятында биодийқаншылық сыяқлы мәселелер қәнигелердиң қатнасыўында додаланды.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы