Өзбекстанның АҚШтағы елшиси Ж.Вахабов «Facebook» компаниясы бөлиминиң директоры Энди О’Коннелл менен ушырасып, бирге ислесиў байланысларын орнатыў перспективаларын додалады.

Интернетте, атап айтқанда, «Facebook», «Instagram» ҳәм «WhatsApp» платформалары арқалы экстремизм ҳәм радикалласыўдың алдын алыў бойынша бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

О’Коннелл Өзбекстанда мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығы ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды жоқары баҳалады. Оның сөзлери бойынша, Америка компаниясы Ш.Мирзиёевтан мәмлекеттеги «Facebook» платформасы ҳәм басқа да платформалардың үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлеўге қосқан жеке үлеси ушын миннетдар.

Буннан тысқары, «Facebook» МТ-қәнигелерин таярлаўда жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди. Өзбекстандағы ҳәр бир қызығыўшы студент арнаўлы жаратылған веб-страница арқалы әмелият өтеў ушын арза тапсырыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги