Қарақалпақ  тилине  мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейинде мәдений-ағартыўшылық кеше өткерилди.

Кешени лицей директоры К.Қодиров алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник И.Ахмедов, Әжинияз  атындағы НМПИ ректоры, Жоқарғы Кеңес депутаты  Б.Өтемуратов, ӨзЛиДеП  Қарақалпақстан Республикасы аймақлық партия шөлкеми аппарат баслығы  Ш.Өтемисов ҳәм  басқалар шығып сөйлеп, қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, тил – бул халықтың тарийхын, мәдений мийрасларын, турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа ғәзийне екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде қарақалпақ тилиниң халқымыздың социаллық турмысында абырайы ҳәм орнын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатанды сүйиў, миллий дәстүр ҳәм үрип-әдетлерге садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасының даўамшысы руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Кешеде ана тилимиздиң әҳмийетине тоқтап өтилип, қарақалпақ тили, оның раўажланыў тарийхы ҳаққында толық мағлыўматлар берилди ҳәм оны еледе раўажландырыў ҳәм таза сақлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Байрам  кешесинде академиялық лицей жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги