Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Шымбай районы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде “Мәртебең бәлент болсын Ана тилим!” атамасындағы  байрам кешеси болып өтти.

Илажда район ҳәкими А.Тажетдинов жыйналғанларды қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң районлық Халық билимлендириў бөлими хызметкерлери ҳәм ҳәўескер оқыўшылар тәрепинен таярланған көркем-әдебий  сахналастырылған саз-сәўбетли байрам концерт бағдарламасына нәўбет берилип, бул илаж қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды.

Кеше соңында ана тилимиздиң сап ҳалында келешек әўладларымызға жеткериўде белсендилик көрсетип киятырған бир қатар муғаллимлерге район ҳәкимлиги ҳәм Халық билимлендириў бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары салтанатлы түрде тапсырылды.

Енди мениң айтайын дегеним бизлердиң көпшилигимиз “Мәртебең бәлент болсын Ана тилим, ана-Ўатаным Қарақалпақстаным деп көкирек керип  пүткил дүньяға жар саламыз да, лекин, ана тилимиздиң мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң байрам кешелерин орынларда салтанатлы түрде белгилеўди район ҳәкимлиги ҳәм Халық билимлендириў бөлими хызметкерлериниң мойнына жүклеп өзлеримиз бир шетте өз жумысларымыз бенен бәнт болып жүре беремиз.

Ҳәттеки, Әмиўдәрья, Беруний, Мойнақ  районларында ана тили байрамының бир неше бала бақша ҳәм мектеплерден тысқары, район көлеминде ҳәкимлик тәрепинен кең көлемде салтанатлы түрде белгиленлиги ҳаққындағы мағлыўматлардың район веб-сайтларында жәрияланбаўы, Төрткүл, Елликқала, Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Кегейли, Бозатаў ҳәм Нөкис районларында өткерилген байрам кешесине район ҳәкимлериниң қатнаспаўы бизиң жоқарыда айтып өткен сөзимиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Район ҳәкимлери қатнасқан байрам кешелеринде де тек ғана Халық билимлендириў бөлими хызметкерлериниң белсендилик көрсетип атырғанлығының гүўасы боламыз.

Байрам тек муғаллимлерге тийисли емес…

 

Адилбай Оразов,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги