Усы жылдың ноябрь айында Нөкис қаласы Ерназар Алакөз көшесинде жайласқан дийқан базары алдында хызмет алып барып атырған жол-патруль хызмети инспекторы З.Мамедов тәрепинен «Matiz» маркалы автомобиль тоқтатылған. ЖПХ инспекторы өз ара сәўбет ўақтында бас кийимин шешкен ҳәм транспорт басқарыўшысына үплеўин сораған. Бул социаллық тармақларда жәрияланып, қызғын пикир-таласларды келтирип шығарған еди.

ӨзР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының мәлим етиўинше, усы жағдай бойынша ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының жуўаплы хызметкерлери тәрепинен хызмет тексериўи өткерилмекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.