Республикалық арнаўлы комиссияның жыйналысында жаңа жыл қарсаңында елимизде эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын сақлап қалыў ҳәм елимиз аймағына коронавирус инфекциясының жаңа «омикрон» штаммының кирип келиўине жол қоймаў мақсетинде бирнеше жаңа тәртип және шеклеўлер белгиленди.

Атап айтқанда, буннан былай сырт еллерден Өзбекстан Республикасына келиўшилер:

– елимизге кирип келиўинен кеминде 72 саат алдын тапсырылған коронавирус инфекциясына ПШР тест нәтийжеси бойынша терис көрсеткишке ийе мағлыўматнамаға ийе болыўы зәрүрлиги;

– коронавирус инфекциясына ПШР тест нәтийжеси бойынша терис көрсеткишке ийе мағлыўматнамасы болмағанда, аэропорт, темир жол вокзаллары ҳәм шегарадан өткериў пунктлеринде шөлкемлестирилген коронавирус инфекциясына экспресс тест тапсырыўы шәрт екенлиги белгиленди.

Сондай-ақ, Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Австралия, Австрия, Бельгия, Уллы Британия, Германия, Дания, Израиль, Италия, Нидерландия, Чехия ҳәм Мыср мәмлекетлери аймағынан Өзбекстан Республикасы аймағына кирип келетуғын жолаўшылар жоқарыдағы талаплар орынланғаннан соң елимиз аймағына кирип келген күннен баслап он күн даўамында мәжбүрий үй карантини ямаса өз есабынан мийманханаға карантинге орналастырылады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.