Усы жылдың өткен тоғыз айы жуўмағына муўапық, Нөкис қаласының турақлы халқының саны 327,5 мың адамды қурады. Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

1932-жыл 1-апрель сәнесинде шөлкемлестирилген Нөкис қаласының улыўма майданы 0,22 мың квадрат километрди қурайды.

Пайтахтта 64 мәкан пуқаралар жыйыны болып, оларда 68 006 хожалық бар екенлиги мәлим болды.

Нөкис қаласының этникалық қурамы төмендегише:

– Қарақалпақлар – 58,0%;

– Қазақлар – 20,9%;

– Өзбеклер – 14,7%

– Басқа миллет ўәкиллери 6,4%.

Нөкис қаласы экономикасы қурылыс индустриясы, химия, фармацевтика ҳәм азық-аўқат, электротехника санааты тараўларына қәнигелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.