«Транспорт ҳәм қаржы тараўларындағы айырым ҳуқықбузарлықларға жол қойғаны ушын ҳәкимшилик жазалардың либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамына қол қойылды.

Киргизилген өзгерислер бойынша, айдаўшылар транспортты басқарыўда телефоннан наушниклер арқалы ҳәм қолларын жумсамай сөйлесиў имканиятын беретуғын үскенелер арқалы пайдаланыўы мүмкин.

Айдаўшылар белгиленген тезликти асырып жибергенинде атап өтилген тезликтен 5 км қайтарып таслап жаза қолланылады.

Айдаўшының жанында паспорты ямаса ID-картасы болғанында транспортты басқарыў, дизимнен өткергенине байланыслы ҳүжжетлерди, исеним хаты, қамсызландырыўды жанында алып жүриў талап етилмейди (бул тәртип 2022-жыл 1-марттан күшке киреди).

Сондай-ақ, транспорт салонының алдынғы бөлегине монитор (дисплей) орнатқаны ушын жуўапкершилик бийкар етилди.

Валюталарды нызамсыз алғаны ушын жәрийма муғдары (БЕМның 10 есесинен 20 есесине шекем етип белгиленди (бурын қатаң БЕМның 20 есеси еди).

Автомобильде жолаўшыларды лицензиясыз тасығаны ушын пуқараларға жәрийма БЕМның 30 есеси етип белгиленди (бурын БЕМның 20 есесинен 100 есесине шекем еди).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги