Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти лаўазымына кирисиў мәресиминде келешекте 1 миллионнан аслам халық ушын барлық қолайлық ҳәм социаллық инфраструктураға ийе болған «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң қурылатуғынын айтқан еди.

Быйыл 2-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бағдарламаның әмелий тәреплери додаланды. Өткен бир айда жаңа массивлер ушын қала ямаса район орайына жақын, инфраструктураға ийе орынлар таңланып, дәслепки жойбарлар қәлиплестирилди.

Бул жойбарлар 30-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы жанында таныстырылды.

Режеге муўапық, келеси жылы  22 жаңа массив қурылады. Қурылыс шөлкемлерине жеңиллик бериў мақсетинде тек ғана көп қабатлы турақ жай майданының өзи аукцион арқалы сатылады. Тутас майданлар болса, қурылыс питкеннен соң, турақ-жай ийелерине улыўма пайдаланыўға бериледи. Исбилерменлик ушын жер участкалары электрон онлайн аукцион арқалы ажыратылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жаңа массивлерде көплеген мектеп, бақша ҳәм медицина мәкемелерин қурыў бойынша көрсетпелер берди. Киши санаат зонасы, исбилерменлик объектлерин шөлкемлестириў арқалы кеминде 50 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Аймақ басшылары қурылысты шөлкемлестириў режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА