БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска, Японияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёщинори Фуджияма, БМШ тың халықтаныўшылық қорының Өзбекстандағы ўәкили Ю.Ю Шымбай районында әмелге асырылып атырған жойбарлардың ашылыў мәресимлерине қатнасты.

БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасы ҳәм ЮНФПА биргеликтеги бағдарламасы тәрепинен усы жылдың басында инновациялық идеялар ҳәм жойбарларды қаржыландырыў бойынша танлаў жәрияланған еди. Райондағы «Рамазан Сәрсенбаев» жеке меншик кәрханасының баслығы Рамазан Сәрсенбеев өзиниң хожалығында ҳәм район фермерлери тәрепинен жетистирилген овощ, палыз ҳәм мийўе өнимлерин сақлаў бойынша усынылған бизнес-жобасы жеңимпаз деп табылды ҳәм қаржыландырылды.

Усы күни музлатқыштың ашылыўы болып өтти. Онда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, ҳәр бири 50 тонналық сыйымлылыққа ийе еки музлатқыш район халқын жыл бойы арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў имканиятын береди. Жойбар шеңберинде бундай музлатқышлар Бозатаў ҳәм Қараөзек районларында қурылған болып, оларда ислеўшилер ушын семинар-тренинглер өткерилди.

Буннан кейин мийманлар район орайындағы Шаңарақлық поликлиникада болып, халықтың, соның ишинде, ана ҳәм бала саламатлығын сақлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Бул жерде әмелге асырылып атырған жойбар бойынша 51 денсаўлықты сақлаў хызметкери оқытылды. Жойбарды әмелге асырыў барысында  30-55 аралығындағы 3000 ҳаял медициналық тексериўден өткерилди. Олардың саламатлығы турақлы түрде қадағалаўға алынды. Буның ушын районға Францияның мәмлекетимиздеги елшиханасы  тәрепинен термоабляциялық үскене алып келип орнатылды.

Мийманлар райондағы «Майжап» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Қошқар жыққын» аўылы аймағында суў тазалаў қурылмасының ашылыўына қатнасты. Район орайынан ең шетки аймақта жасаўшы халық усы күнге шекем ишимлик суўынан қыйналып келген еди.  Қуўатлылығы саатына 8 кубометр болған суў тазалап бериўши үскене қурылысы  Нөкис қаласындағы «Автоқурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен  сапалы етип қурып питкерилди. Нәтийжеде аўыл халқы таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятына ийе болды.

Буннан тысқары, БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасы ҳәм ЮНФПА биргеликтеги бағдарламасы бойынша райондағы «Жаңамәкан» елатлы пунктинде, «Гүжимли» мәкан пуқаралар жыйынында да 10600 метрлик суў тармағы, бир неше хожалықларға ыссыханалар қурып берилди.  Илаж қатнасыўшылары суў тазалаў қурылмасының жумысы менен танысты.

Мийманлар Қарақалпақстан медицина институтында да болды. Быйылғы жылы пайдаланыўға тапсырылған институттың Халықаралық инновациялық клиникасының жумыслары менен танысты. Бул жердеги жаратылған шараятлар мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги