Республикамызда қарақалпақ әдебиятының классиги, данышпан шайыр ҳәм ойшыл Бердақ бабамыздың туўылғанына 194 жыл толыўы мүнәсибети менен кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында «Бердақ күнлери»не арналған илажлар өткерилмекте

Ҳәпте даўамында орынларда түрли ушырасыўлар, мектепке шекемги билимлендириў орынларында, улыўма билим бериў мектеплеринде Бердақ күнлерине бағышланған сәўбетлесиў кешелери өткерилмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик  музейинде «Қарақалпақ әдебиятында улығлаў дәстүри»  атамасында сәўбетлесиў  ҳәм саз-сәўбетли кеше өткерилди. Кешеге Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары, 22-cанлы улыўма билим бериў мектебиниң  окыўшылары қатнасты.

Кешеде музей директоры Ш.Пайзуллаева, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы С.Ерназарова, шайыр С.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

– Бердақ шайырдың шығармалары бүгинги күнде де өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Оның ҳәр бир шығармасы жасларымыз ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе. Музейимиз тәрепинен 22-ноябрь күни Нөкис қаласындағы 41-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Бердақты  балалықтан үйренемиз» атамасында көшпели көргизбе ҳәм ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. 23-ноябрь күни Кегейли районындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебинде Бердақ күнлерине бағышланған Бердақтың «Балам» қосығы мысалында «Нәсият» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Нөкис каласындағы 40-санлы балалар бақшасының тәрбияланыўшылары да тәрбияшылары менен бирге музейимизде мийманда болды. 25-ноябрь күни  Нөкис қаласы 40-санлы балалар бақшасында «Бердақ бабамыз 194 жаста» атамасында кеше болып өтти.

Усы жыл 27-ноябрь күни бабамыздың туўылып өскен жерине,  оқыған жери Қарақум ийшан медресесине, қойымшылығына зиярат шөлкемлестириледи,-дейди Ш.Пайзуллаева. – Өткерилген барлық илажларда Бердақ Қарғабай улы ҳәм оның шығармалары улығланды. Әлбетте, булардың барлығы жасларымызға Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигин таныстырыў арқалы оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.

Кешеде оқыўшылар тәрепинен Бердақ бабамыздың қосық шығармаларынан үзиндилер оқылды. ҚМУдың музыкалық тәлим факультетиниң  студентлери тәрепинен шайырдың шығармалары сазға салынып дуўтар, қобыз, саз әсбаплары менен шебер атқарып берилди. Художниклердиң шайырдың өмири, шығармалары негизинде салынған  сүўретлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги