Қантлы диабет ҳәм инсулин резистентлиги менен аўырған адамлар писирилген ҳәм қуўырылған картошка жеўден бас тартыўы керек, деди россиялы диетолог Елена Соломатина. Ол бундай наўқасларға гликемиялық индексти азайтыў ушын аўқаттан алдын картошканы суўытыўды мәсләҳәт береди.

Картошканы писиргенимизде ямаса қайнатқанымызда олардың гликемиялық индекси көтериледи. Крахмал қантқа айланады ҳәм қанттағы глюкоза муғдарын арттырады. Соның ушын бундай картошканы диабетке шалынғанлар, диабеттен алдынғы жағдай ямаса инсулин резистентлиги болғанлар ҳәм артықша салмақ жыйнаўға бейим болғанлар көп жемеў керек, деп түсиндирди Соломатина.

Ол сондай-ақ, адамларға көп картошка жеў әдетте зыян екенин қосымша етти, себеби олар организмге зыян болған токсик элементлерди өз ишине алады. Соломатинаның пикири бойынша, картошка пюреси артықша салмақ жыйнаўға бейим болғанлар ушын қадаған етиледи. Гәп сонда, ол қант ҳәм майды өз ишине алады, бул тағамға үлкен муғдарда калория қосады. Буннан тысқары, диетологтың анықлық киргизиўинше, психологиялық фактор ҳәм роль атқарады: картошка пюреси аңсат жутылады, соның ушын және де көбирек жегиңиз келебереди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги