Әмир Темур халықарылық фонды Өзбекстанда ҳәм халықаралық масштабта кең көлемде белсендилик көрсетип, ийгиликли басламаларды әмелге асырып келмекте. Усы ийгиликли ислердиң бири сыпатында жақында «Халықаралық Әмир Темур қайырқомлық жәмийетлик фонды»ның атқарыўшы директоры Соҳибахон Аъзамованың басламасы менен «Бердақ Ғарғабай улы» атындағы халықаралық естелик белгиси шөлкемлестирилди.

– Бул халықаралық естелик белгисин шөлкемлестириўден мақсет – Президентимиз тәрепинен баслама сыпатында көрсетилген «Үшинши ренессанс», «Бул дияр ҳәммемиздики!» идеялары тийкарында қарақалпақ халқына деген үлкен ҳүрметти көрсетиў, қарақалпақ халқын, мәдениятын ҳәм әдебиятын Өзбекстан ҳәм халықаралық майданда еле де танытыў ҳәм даңқ-абырайын арттырыў болып есапланады, – дейди фондтың атқарыўшы директоры Соҳибахон Аъзамова. – Соның менен бирге, бизиң фондымыз келешекте мәденият, көркем әдебият, әдебияттаныў ҳәм басқа да жөнелислер бойынша таңлаўлар шөлкемлестириў нийетинде. Сондай-ақ, қарақалпақ халқы туўралы, соның ишинде үрп-әдет, салт-дәстүрлери, мәденияты ҳәм әдебияты, тарийхын өз ишине алған көп томлы китапларды баспадан шығарыў ислерин әмелге асырыўды жобаластырғанбыз.

«Бердақ Ғарғабай улы» халықаралық естелик белгиси менен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанда, сондай-ақ, сырт еллерде Бердақтың өмири ҳәм дөретиўшилигине айрықша итибар қаратыў, елимизде турақлылықты тәмийинлеў, оның экономикалық, сиясый-жәмийетлик, илимий, руўхый-ағартыўшылық, әдебият, көркем өнер тараўларын ҳәм қорғаныў қүдиретин күшейтиў, демократиялық реформаларды әмелге асырыў, миллетлераралық татыўлық, саламат ҳәм наўқыран әўладты тәрбиялаў ислерине мүнәсип үлес қосып киятырған барлық тараў ўәкиллери, Өзбекстан ҳәм сырт ел пуқаралары сыйлықланады.

Сыйлықланғанларға естелик белгиси менен қоса оның гүўалығы бериледи. «Бердақ Ғарғабай улы» халықаралық естелик белгиси көкиректиң шеп тәрепине мәмлекетлик сыйлықлардан кейин тағылады.

Әлбетте, жәмийетимиздиң қайсы тараўында болмасын мүнәсип мийнет етип киятырған инсанлардың мийнетин қәдирлеў – ең дәслеп, оларға қаратылған аз ғана болса да итибардан басланады. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Бердақ Ғарғабай улы» атындағы халықаралық естелик белгиси болса мийнетте жең түринип, халыққа аянбай хызмет етип атырған ҳәр бир қарақалпақстанлыға айрықша руўх ҳәм күш-қуўат бағышлаўы сөзсиз.

 

Мухаммеддин БАЎЕТДИНОВ,

ҚМУдың таяныш докторанты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги