Президент Шавкат Мирзиёев жанында Ташкент қаласында әмелге асырылыўы режелестирилген қурылыс жойбарларының презентациясы өткерилди.

Олардан бири – Әлишер Наўайы атындағы әдебият музейи болып, Жазыўшылар қыябанына тутас аймақта қурылады. Бул комплекс музей менен бирге илимий изертлеў орайы, өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты, мектеп ҳәм жатақхананы өз ишине алады.

Өзбекстан Миллий бағы жанында Президент китапханасы қурылыўы да режелестирилген. Ол 4 қабатлы болыўы, бир ўақытта 1 мың 400 ден аслам оқыўшыға хызмет көрсетиўи нәзерде тутылған. Китапханада 1 миллион 500 мың китап сақланыўы менен бирге электрон әдебиятлар, мультимедиа өнимлери де болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул комплекслерди қурыўда ең заманагөй технологиядан пайдаланыў, китапқумарларға барлық қолайлықларды жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Презентацияда Олимпиада қалашасы жойбары да көрип шығылды.

 

ӨзА