Президент Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў ҳәм тараўды раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Бизге белгили, нефть, газ сыяқлы дәстүрий энергия дәреклериниң резерви шекленген. Қалаберди, олардың тәбиятқа зыяны да көп. Сонлықтан раўажланған мәмлекетлер «жасыл» энергетикаға өтпекте. Бундай ҳәрекетлер тек бүгин емес, ал келешек ушын да оғада әҳмийетли.

Мәмлекетимизде де бул бағдарда  үлкен жумыслар басланған. 2019-жыл 21-майда «Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў ҳаққында» нызам қабыл етилип, тараўдың раўажланыўына тийкар жаратылды. Сырт ел инвесторлары тартылып, көплеген перспективалы жойбарлар ислеп шығылды.

Быйылғы жыл августа Наўайы ўәлаятында елимиздеги биринши қуяш фотоэлектр станциясы иске қосылды. Келеси айда Самарқандта және бир усындай станция пайдаланыўға тапсырылады.

Улыўма, 2022-2024-жылларда 3 миллиард АҚШ доллары тикелей сырт ел инвестициялары есабынан, улыўма қуўатлылығы дерлик 3 мың мегаваттлы 10 қуяш ҳәм шамал электр станцияларын қурыў режелестирилген.

Жақында Шотландияның Глазго қаласында болып өткен климат бойынша халықаралық саммитте Өзбекстан 2030-жылға шекем ыссыхана газлериниң жалпы ишки өним бир бирлигине туўры келетуғын үлесин 2010-жылға шекем 35 процентке азайтыў басламасын жәриялады. Буның ушын барлық тийкарлар бар. Атап айтқанда, 2026-жылға шекем мәмлекетимизде қуяш ҳәм шамал электр станцияларының улыўма қуўатлылығын 8 мың мегаваттқа жеткериў илажлары көриледи.

Мәжилисте бул мақсет жолындағы ўазыйпалар, жойбарларды әмелге асырыўдың финанслық ҳәм шөлкемлестириў тәреплери додаланды.

Келеси жылы Хорезм, Бухара, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында улыўма 900 мегаваттлы және 5 қуяш электр станциясын қурыў бойынша инвесторлар таңлаўы жуўмақланады.

Мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, усы жойбарларға итибар қаратып, оларды өз ўақтында иске қосыў бойынша көрсетпелер берди. Инвестициялар ҳәм сырқы саўда министрлиги және Энергетика министрлигине халықаралық финанс институтлары менен биргеликте жаңа жойбарлар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз ири санаат кәрханалары да өз тәмийнаты ушын қайта тиклениўши энергия дәреклерин шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, халық ҳәм исбилерменлердиң қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўын қоллап-қуўатлаў керек екенлиги атап өтилди.

Келешекте қурылатуғын қуяш ҳәм шамал электр станцияларын қурыў ушын комплектлеўши бөлеклер ҳәм материалларды елимизде ислеп шығарыў арқалы ҳәм жойбарларды арзанластырыў, ҳәм жергиликли кәрханалар ушын базар жаратыў мүмкин. Сонлықтан бундай өнимлерди локализациялаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Болажақ электр станцияларын сапалы ислетиў ушын тәжирийбели инженер ҳәм хызметкерлер де зәрүр. Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларды ҳәзирги ўақыттан-ақ баслаў әҳмийетли екенлигин атап өтип, Наўайы қаласында кадрлар таярлаў орайын шөлкемлестириў, жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў бағдарламаларын заманагөй талаплар тийкарында жаңалаў бойынша көрсетпелер берди.

Мәжилисте Қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў стратегиясының презентациясы өткерилди.

 

ӨзА