Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине муўапық 19-ноябрь күни сапар менен Россияда болды.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер Кремльде өткерилди.

Владимир Путин ушырасыў басында мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, Президент сайлаўында исенимли жеңиске ерискени менен және бир мәрте қутлықлады ҳәм алдағы жумысларына табыслар тиледи.

­ Өзбекстан тек ең жақын қоңсымыз емес, ал, аўқамласымыз. Биз Өзбекстанды тап усылай қабыл етемиз, – деди Россия Президенти. ­ Бул ири регионаллық мәмлекет болып, бизлерди тарийх көзқарасынан да, бүгинги күнде де көплеген тәреплер байланыстырып турады. Бүгин Өзбекстан товар алмасыў көлеминиң 18 проценти Россияға туўра келмекте. Товар алмасыў көбеймекте: пандемияға қарамай, өткен жылы 15 проценттен көбирекке артқан.

Бул көрсеткиш ҳәтте қыйын дәўирде де бирге ислесип атырғанымызды, шериклигимиз табыслы өтип атырғанын ашық-айдын көрсетип тур. Биргеликтеги жумысларымыз регионаллық форматта, мәмлекетлер аралық формада барлық бағдарларда даўам етпекте. Экономика, гуманитар қатнасықлар, транспорт инфраструктурасы усылар қатарынан. Бул бағдарда биргеликте ислеўимиз ушын үлкен майдан бар, екеўимиз додалап алыўымыз лазым болған мәселелер жүдә көп.

Мәмлекетимиз басшысы Россия Президентине мирәт ҳәм жыллы қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.

­ Соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, кейинги жылларда мүнәсибетлеримизде ҳақыйқый үлкен табысларға ерисилди ­ бундай көрсеткишлер бурын болмаған. Сиз айтқаныңыздай, товар алмасыў артпақта: тоғыз ай жуўмағында бес миллиардты қурады, жыл ақырында жети миллиард болады. Мүнәсибетлеримизде бундай сан бурын бақланбаған. Бас министрлер басшылығындағы ҳүкиметлер аралық комиссия жүдә жақсы ислемекте ­ Сиз қоллап-қуўатладыңыз ҳәм жақсы нәтийжелерге ерисилмекте.

Сапардан алдын жүдә салмақлы жумыслар исленди. Үш үлкен илаж: аймақлар, билимлендириў ҳәм медиа форумлары өткерилди. Нәтийжелерге келсек, бүгин 14 миллиард долларлық жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта. Атап айтқанда, аймақлар аралық форум шеңберинде. Үш жыл алдын Сиз бенен бул форумды баслап атырғанымызда бундай илажлар жоқ еди. Нәтийже болса үлкен: аймақлар ушыраспақта, шериклигимизге үлкен түртки бермекте. Бүгинги ушырасыўымыз аймақлар аралық байланыслар, еки тәреплеме бирге ислесиў, қәўипсизлик мәселелери, Аўғанстан мәселесин додалаў ушын жақсы имканият, – деди Президентимиз.

Улыўма, Президентлер еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлыққа тийкарланған мүнәсибетлер жоқары дәрежеге көтерилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиўлерде саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти буннан былай да кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Кейинги жылларда бул тараўларда үлкен табысларға ерисилди. Бас министрлер дәрежесиндеги қоспа комиссия ҳәм де Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия жыйналыслары турақлы өткерилмекте. Аймақлар арасында жақын шериклик жолға қойылды. Бир ғана быйылғы жылда жоқары дәрежедеги 50 өз-ара сапар шөлкемлестирилди.

2020-жылда өз-ара саўда көлеми 5,6 миллиард доллардан асқан болса, быйылғы жылдың 10 айында бул көрсеткиш 6 миллиард долларға жетип, жыл жуўмағына шекем 7 миллиард долларға жақынласыўы күтилмекте.

Кейинги төрт жылда Өзбекстанда Россия инвестициясы қатнасындағы кәрханалар саны еки есе көбейип, дерлик 3 мыңды қурамақта.

Бүгин елимиз экономикасында Россиядан тартылған инвестициялар көлеми 10 миллиард доллардан асты ҳәм жедел өсиўде даўам етпекте. Улыўма баҳасы 14 миллиард долларлық перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Президентлер экономиканың дерлик барлық тармақларын қамтып алған ҳалда инвестициялық шерикликти даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти.

Бунда Өзбекстан басшысының сапары қарсаңында өткерилген II аймақлар аралық бирге ислесиў форумы нәтийжелери де әҳмийетли орын тутады. Неге дегенде, форум жуўмағында санаат, энергетика, транспорт ҳәм фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санаатына байланыслы жаңа питим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.

Шавкат Мирзиёев экономика тармақларында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын үлкен запаслар барлығын атап өтти. Усы мүнәсибет пенен тийкарғы тараўларда шерикликти раўажландырыў перспективалары додаланды.

Мәмлекет басшылары мәдений-гуманитар шерикликти кеңейтиў мәселелерине де итибар қаратты.

Быйылғы жыл май айында Бухарада Ректорлар әнжуманы, 16-17-ноябрь күнлери болса Москвада екинши Билимлендириў форумы өткерилгени атап өтилди. Форум жуўмағында шерикликтиң жаңа бағдарларына тийисли 35 тен артық питимге қол қойылды.

Ҳәзирги ўақытта Россия жоқары билимлендириў мәкемелериниң ең көп сырт ел филиаллары Өзбекстанда жумыс алып бармақта. Елимизде олардың саны 15 ти қурамақта, соннан 12 си кейинги төрт жылда ашылған.

Денсаўлықты сақлаў тараўында да жақын шериклик жолға қойылған. Россиялы шериклер көмегинде Өзбекстанда «Спутник V» вакцинасын ислеп шығарыў шөлкемлестирилди. Ташкентте Пирогов атындағы Россия миллий-изертлеў медицина университетиниң филиалын ашыў жумыслары жуўмағына жетти.

Президентлер тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе  мәселелерге тоқталып өтти.

Мәмлекетлеримиз сыртқы сиясат ҳәм қорғаныў мәкемелери арасындағы еки тәреплеме мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди. Регионаллық қәўипсизлик мәселелери ҳәм Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысылды.

Россия тәрепи Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық процесине көмеклесиў бағдарындағы шешиўши ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады.

Мәмлекет басшылары БМШ, ҒМДА, ШБШ ҳәм басқа халықаралық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўди даўам еттириўге таярлығын билдирди.

Шын жүректен ҳәм дослық орталығында өткен сәўбет жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия ортасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық мүнәсибетлерин буннан былай да беккемлеў бойынша исенимли екенликлерин және бир мәрте тастыйықлады.

Сөйлесиўлер жуўмағында Президентлер Халықаралық мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирге ислесиў ҳаққында қоспа билдириў қабыл етти. Сапар шеңберинде жәми 18 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына сапары жуўмақланды.

 

ӨзА