Ҳүрметли дослар!

Россия ҳәм Өзбекстанның регионлараралық бирге ислесиўи бойынша екинши форум қатнасыўшыларын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Бул еки тәреплеме илаж тек ғана Россия Федерациясының субъектлери ҳәм Өзбекстан ўәлаятлар арасындағы байланысларды раўажландырыў емес, ал терең ҳәм жедел, ҳақыйқатында да көп қырлы стратегиялық шериклигимизди беккемлеў ушын да үлкен әҳмийетке ийе ҳәм жүдә зәрүр, деп есаплайман.

Россия Өзбекстанның сыртқы саўда айланысында екинши орынды ийелеп, оның жетекши саўда шериклеринен бири. Ҳәтте пандемия шараятында да экономикалық бирге ислесиўимиз раўажланыўда даўам етпекте.

2020-жылы товар алмасыў дерлик 16 процентке көбейди ҳәм 6 миллиард долларға шамаласты. Усы жылдың 9 айында болса өсиў 6 проценттен артықты қурады.

Онда мине усы регионлараралық бирге ислесиўдиң хызметлери үлкен болып табылады.

Өзбекстанлы шериклер менен жедел экономикалық байланысларды жолға қойған Россия аймақлары қатарында Москва, Санкт-Петербург, Татарстан, Челябинск, Москва, Иванова ҳәм Самара ўәлаятларын айтып өтиў орынлы.

Соңғы жыллардағы өз-ара пайдалы кооперацияға Ташкент металлургия ҳәм Қандим газди қайта ислеў заводлары қурылғаны, Өзбекстанда «Ростсельмаш» қатнасыўында комбайн ислеп шығарыў кәрханасының иске қосылғанын мысал етип келтириў мүмкин.

Россия Өзбекстан экономикасына инвестиция киргизип атырған тийкарғы инвесторлардан бири. Ҳәзирги күнде улыўма баҳасы 14 миллиард доллардан артық болған 150 ден аслам биргеликтеги жойбар әмелге асырылмақта.

Россия инвестициясының қатнасыўында шөлкемлестирилген кәрханалар саны кейинги 4 жылда 2,5 есеге көбейди ҳәм 2000 нан асты.

Атап айтқанда, апрель айында Өзбекстанда болып өткен және Россияның 13 аймағы қатнасқан Иннопром – Үлкен санаат ҳәптелиги жуўмағында дерлик 130 миллион долларлық 21 келисимге қол қойылғанын атап өтпекшимен.

Өзбекстанлы досларымыз да өз гезегинде Россиядағы шериклер менен байланысларды жеделлестириўге қызығыўшылық билдирип атырғанын қоллап-қуўатлаймыз, әлбетте. Кейинги 2 айдың өзинде Өзбекстан делегациялары Россияның 20 аймағына барғаны да буннан дәрек береди.

Бундай бирге ислесиўимиздиң потенциалы оғада үлкен. Тиккелей кооперация етиў, санаат, аўыл хожалығы, фармацевтика, инновациялық технологиялар тараўларыда өндирис шынжырларын жаратыў бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен имканиятлар бар.

Өзбекстанлы шериклердиң Евроазия экономикалық аўқамының жумысында және кеңирек қатнасыў бирге ислесиўди тереңлестириў ушын жақсы перспективаларды ашыўы мүмкин.

Өткен жылдың ақырында Өзбекстан интеграциялық бирлеспемизде бақлаўшы статусын алды. Бул Өзбекстанға да, ЕАЭАға ағза басқа мәмлекетлерге де реал пайда келтиретуғынына исенемен.

Регионлараралық байланыслар экономика ҳәм саўда тараўлары менен ғана шекленип қалмады, әлбетте.

Қоршаған орталықты қорғаў, суў ҳәм тоғай хожалығы, биокөптүрлилик, айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бойынша бирге ислесиўде де үлкен тәжирийбе топланды.

Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы өткир экологиялық машқалаларды шешиў, пүткил Аралбойының социаллық-экономикалық раўажланыўын қоллап-қуўатлаў бойынша қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.

Россия ҳәм Өзбекстан арасында гуманитарлық тараўдағы байланыслар жедел кеңейип бармақта, илим, билимлендириў ҳәм жасларға байланыслы алмасыўлар көлеми артпақта.

Усы ҳәм басқа да көплеген әҳмийетли мәселелер бул күнлери Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетинде болып өтип атырған екинши Россия-Өзбекстан билимлендириў форумында додаланбақта.

Соны да атап өтиў орынлы, Өзбекстанда Россия жоқары билимлендириў дәргайларының 14 филиалы ҳәм ўәкилханасы ислеп тур. Келеси жылдан олардың саны 16 ға жетеди, Ташкентте болса Санкт-Петербург мәмлекетлик университетиниң филиалы жумыс баслайды.

Өзбекстан бақша ҳәм мектеплеринде рус тилин оқытыў сапасын арттырыўға қаратылған бир қатар жойбарлар да таярланбақта.

Сөзимниң жуўмағында Регионлар форумы Россия-Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын ҳәр тәреплеме және де раўажландырыў, мәмлекетлеримиз арасында жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара мәпдарлық байланысларын Россия ҳәм Өзбекстан халықларының абаданлығы жолында беккемлеў ушын анық әмелий нәтийже беретуғынына исеним билдирмекшимен.

Форум шөлкемлестириўшилери барлық қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдиремен ҳәм табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет!