Ҳүрметли Өзбекстан ҳәм Россия регионларының басшылары!

Ҳүрметли делегация ағзалары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Екинши Өзбекстан – Россия регионлараралық бирге ислесиў форумының қатнасыўшыларын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Мәмлекетлеримиз аймақлар арасындағы қәдирли Владимир Владимирович пенен екеўимиз саррас үш жыл алдын баслап берген жедел сөйлесиў бүгин стратегиялық шерикликти беккемлеўдиң локомативлериниң бирине айланды.

Әлбетте, Форумның табыслы жумысы кейинги жыллары еки тәреплеме қатнасықларда ерискен үлкен нәтийжелеримиз ҳәм жоқары шеклердиң және бир тастыйығы болады.

Өзбекстан регионлары Россия Федерациясының Москва ҳәм Санкт-Петербург қалалары, Татарстан Республикасы, Алтай үлкеси, Астрахань, Новосибирск, Омск, Самара, Челябинск ўәлаятлары ҳәм басқа да субъектлер менен жедел бирге ислесип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Биргеликте алып барылып атырған жедел жумыслар себепли өз-ара товар алмасыўдың ҳәтте пандемия шараятында да өсиўине еристик, оның көлеми болса усы жылы алты миллиард доллардан асады.

Кейинги бир жылда Санкт-Петербург, Самара ҳәм Қазанда Өзбекстан аймақларының көргизбелери табыслы өткерилди.

Бүгин еллеримизде үш мыңға шамалас қоспа кәрхана жумыс ислемекте, экономиканың барлық тараўларында жүзлеген жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимизде Россиядан тартылған инвестициялар көлеми ҳәзирги күнде 10 миллиард доллардан зыятты қурамақта ҳәм бул көрсеткиш жедел өсип бармақта.

Табыслы бирге ислесиўимиздиң айырым мысалларына тоқтап өтпекшимен.

Татарстанлы шериклер менен Ташкент ўәлаятында «Химград» жоқары технологиялық санаат парки шөлкемлестирилмекте.

Жақын арада Жиззақ ўәлаятында москвалы инвесторлар менен биргеликте көп функциялы агрологистика орайы иске қосылады.

Самара ўәлаятының компаниялары Бухарада ири ыссыхана комплексиниң қурылысына киристи.

Ингушетиялы исюбилерменлер менен биргеликте Ферғана ойпатлығында тоқымашылық кластерин кеңейтиў жойбары әмелге асырылмақта.

Бундай мысалларды, соның ишинде, Өзбекстан бизнесиниң қатнасыўында Россия аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлар дизимин және узақ даўам еттириў мүмкин.

Әзиз дослар!

Регионлар арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар.

Еки мәмлекеттиң мәплери ушын перспективлар ашатуғын бағдарларды айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Биринши. Биргеликтеги бизнес жойбарларды буннан былай да қоллап-қуўатлаймыз, сондай-ақ, россиялы инвесторлар ушын зәрүр шараятлар жаратыўды даўам еттиремиз.

Бул ҳаққында сөз болғанда, бәринен бурын, металлургия, энергетика, нефть-химия, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда санаат кооперациясын атап өтиў зәрүр.

Екинши. Регионларымыз бир-бирин нәтийжели толтырып турыўы мүмкин болған тараў – аўыл хожалығында бирге ислесиў үлкен имканиятларға ийе.

Өзбекстан ҳәм Россияда ири агросанаат компаниялары ҳәм кластерлери, қоймахана терминаллары ҳәм қайта ислеў қуўатлықларын жаратыў солар қатарына киреди.

Буннан тысқары, биз жаңа агротехнологияларды кеңнен енгизиў, селекция тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыўданмәпдармыз.

Үшинши. Инновациялар, IT, билим ҳәм санаат технологиялары менен алмасыў тараўлары, әсиресе, перспективалы болып табылады.

Атап айтқанда, «Иннопром» халықаралық көргизбеси келешекте ҳәр жылы жаңа регионаллық форматта Өзбекстанда өткериледи.

Россияның жетекши, соның ишинде, аймақлық жоқары билимлендириў дәргайларының елимиздеги жумысының және де кеңейиўин қоллап-қуўатлаймыз.

Бул бағдардағы табыслы жумысларға Қазан федерал университети ҳәм Астрахань мәмлекетлик техника университети менен шериклигимизди мысал етип келтириў мүмкин.

Бул, сондай-ақ, илимий бирге ислесиў ҳәм бергеликтеги әмелий изертлеўлерди кеңейтиў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў имканиятын береди.

Төртинши. Регионлар арасындағы жедел байланыслар мәдений-гуманитарлық алмасыў ҳәм туризмниң кеңейиўине хызмет етеди.

Аймақларда мәмлекетлеримиз ўәкиллериниң қатнасыўында жаслар фестиваллары, концертлер турақлы өткерилиўин, театрлардың дөретиўшилик сапарлары ҳәм спорт илажларының шөлкемлестирилиўин қоллап-қуўатлаймыз.

Ҳүметли форум қатнасыўшылары!

Бүгинги ушырасыў ҳәм оның нәтийжесинде жаңа қоспа бағдарламалар ҳәм жойбарлардың әмелге асырылыўы аймақларымыз ҳәм улыўма еллеримиз арасындағы бирге ислесиўге күшли жеделлик бағышлайтуғынына исенемен.

Форумның барлық қатнасыўшыларына нәтийжели жумыс, үлкен табыслар ҳәм жаңа жетискенликлер тилеймен.

Үлкен қанаатланыўшылық пенен сизлерди келеси жылы үшинши Регионлараралық форумды өткериў ушын Өзбекстанға мирәт етемен.