Өзбекстан Республикасы Президентиниң Россия Федерациясына сапар етиўи алдынан 17-ноябрь күни Москва қаласында Регионлараралық бирге ислесиў бойынша II форумы болып өтти.

Илажда еки мәмлекеттен 800 ден аслам қатнасыўшы – ҳүкимет ағзалары, аймақлар, министрликлер, уйымлар, тармақ бирлеспелери, бизнес ассоциациялардың басшылары, ири компаниялар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери қатнасты.

Форумды өткериўден мақсет – Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасында тиккелей исбилерменлик байланыслары ҳәм әмелий бирге ислесиўди орнатыў, оларды беккемлеў ушын бирден-бир орынды жаратыўдан ибарат.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясының Президенти Владимир Путин қатнасыўшылардың алдында видеомүрәжат тәризинде шығып сөйледи.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзоқов ҳәм Россия Федерациясының экономикалық раўажланыў министри М.Решетников усы жылы еки мәмлекеттиң аймақлары арасында байланысларды орнатыў бойынша орынланған жумыслар ҳәм қоспа жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Усы жылы 50 ден аслам өз-ара сапар етиўлер әмелге асырылғаны атап өтилди. Өзбекстан Республикасының барлық аймақларының басшылары Россия Федерациясының 42 субъектине келди. Өз-ара сөйлесиўдиң бундай форматы кең түрдеги бағдарлар бойынша бирге ислесиў бойынша потенциалды үйрениў ҳәм аймақлараралық жойбарлар ҳәм бирге ислесиўдиң нәтийжели усылы сыпатында өзин ақлады.

Илаж шеңберинде өз алдына темаларда сессиялар шөлкемлестирилди ҳәм оларда еки мәмлекет аймақлары арасында экономикалық, социаллық, инфраструктуралық бирге ислесиў бойынша өз-ара байланысларды жанландырыў, аўыл хожалығы бағдарында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, саўда көлемин көбейтиў, транспорт байланысларын кеңейтиў ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша әҳмийетли темалар додаланды.

Еки мәмлекет регионларының басшылары жақын ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын орнатыў бойынша өз көзқарасын толық билдирди, сондай-ақ, конструктивлик басламаларды ҳәм перспективалы тараўларды өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық усынысларды алға қойды. Қоспа жоқары технологиялы өндирислерди шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди жанландырыў, еки мәмлекет базарларын өтимли, бәсекиге щыдамлы өнимлер менен толтырыў мақсетинде санаат кооперациясын кең түрдеги тармақлар ҳәм бағдарларда кеңейтиў, сондай-ақ, үшинши мәмлекетлер базарларын өзлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Илаж шеңберинде Россия ҳәм Өзбекстан ҳәкимшилик аймақларының басшылары бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлерди өткерди, олар даўамында белгили жойбарлар ҳәм басламалар бойынша келисимлерге ерисилди.

Форум шеңберинде өткерилген исбилерменлик ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер даўамында баҳасы 9 миллиард долларға тең 600 еки тәреплеме келисимлерге қол қойылды. Соннан 141 и – баҳасы 7,4 миллиард долларға тең инвестициялық жойбарлар ҳәм 455 и – баҳасы 1,6 миллиард долларға тең экспорт шәртнамалары болып есапланады. Инвестициялық жойбарларға Өзбекстан Республикасының Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Россия Федерациясының Экономикалық раўажланыў министрлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жойбар офиси бирге ислеседи. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет регионларының администрациясы перспективалы жойбарларды 75 жаңа инвестициялық жойбарды ислеп шығыўға кирискени мәлим етилди.

Ерисилген келисимлер бирге ислесиўдиң металлургия, энергетика, химия, электротехника, тери-аяқ-кийм, тоқымашылық ҳәм фармацевтика санааты, суў хожалығы, нефть-газ тармағы ҳәм қаржы-банк секторын қамтып алды.

 

ӨзА