Усы жылдыӊ 21-октябрь күни Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры, «Шуҳрат» медалы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниӊ ийеси, белгили шайыр, мәмлекетик ҳәм сиясий ғайраткер Улмамбет Хожаназаров 83 жасында қайтыс болды.

У.Хожаназаров 1938-жылы Кегейли районында туўылды. 1960-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын, 1980-жылы Москвадағы Жәмийетлик илимлер академиясын тамамлады.

1960-1992-жыллары аралығында Кегейли районындағы 3-санлы мектепте муғаллим, оқыў бөлиминиӊ баслығы, Қарақалпақстан телевидениесинде редактор, “Әмиўдәрья” журналыныӊ  бөлим  баслығы, бас редакторы, Қарақалпақстан областьлық партия комитетинде инструктор, бөлим баслығыныӊ орынбасары, “Совет Қарақалпақстаны” газетасы  бас редакторыныӊ  орынбасары, Бозатаў районлық партия комитетиниӊ екинши хаткери, Нөкис районлық партия комитетиниң биринши хаткери, Қарақалпақстан мәмлекетлик телерадиокомитетиниӊ баслығы, халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесиниӊ баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында, яғный, 1992-2000-жыллары Нөкис районы ҳәкими лаўазымында жумыс алып барып, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға өзиниӊ салмақлы үлесин қосты. Кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Руўхый үгит-нәсият орайының баслығы лаўазымында иследи.

Халқымыз исенимине ерискен У.Хожаназаров Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланып, елимиздиӊ жәмийетлик-сиясий турмысында, нызам дөретиўшилиги ҳәм олардыӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыслар алып барды.

У.Хожаназаров қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди ҳәм халқымыз арасында үлкен ҳүрмет-иззетке ийе болды. Ол миллий әдебиятымыздыӊ раўажланыўына салмақлы үлес қосып, бирнеше шәкиртлер таярлады.

Оның күнделикли турмыстың әҳмийетли мәселелерине арналған публицистикалық дөретпелери менен бирге көплеген көркем шығармалары халқымыз тәрепинен жақсы күтип алынды.

У.Хожаназаровтыӊ көп қырлы хызметлери жоқары баҳаланып, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери», «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры» ҳүрметли атақлары менен бирге «Шухрат» медалы ҳәм «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили шайыр, үлгили устаз Улмамбет Хожаназаровтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

 М.Камалов, Қ.Сариев, А.Давлетов, Д.Қурбаниязов, Т.Абдижаббаров, У.Панаев.