ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-май күнги «Аймақларда футбол ассоциацияларының жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў ҳәм  Қарақалпақстан Республикасында футбол спорты түрин ғалабалық түрде раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў, балалар ҳǝм жас ɵспиримлерди футболға таярлаў, тǝрбиялаў, халықтың саламатлығын беккемлеў, «Арал самалы» футбол клубы ушын исенимли резервти қǝлиплестириў, ең күшли командаларды анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының футбол бойынша ХХVIII чемпионатлығы ушын мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер арасынан дүзилген командалар өз-ара күш сынасып келмекте.

Өткерилген ойынларда қарсылас командалардан үстин келип финальға жетип келген ϴзбекстан мǝмлекетлик денетǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалы командасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ командалары усы жыл 20-октябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан «Туран» орайлық стадионында чемпионлық ушын өз-ара күш сынасты.

Онда ϴзбекстан мǝмлекетлик денетǝрбиясы ҳǝм спорт университети Нɵкис филиалының сайланды командасы қарсыласларын 2:1 есабы менен жеңип шығып, чемпион болды.

Чемпион болған булл команданы ойынға тренер И.Абдуллаев таярлады.

 

Мурат ТИЛЕЎБАЕВ,

Филиал Баспасɵз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги