Мәмлекетимизде халықтың турмысын жақсылаў, абаданлығын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў ҳәм басқа да мәселелердиң шешимин табыўда жаңаша механизмлер енгизилип, бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, халықтың мийнет етиў ҳуқықын қорғаў, мийнетин мүнәсип баҳалаў, социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм басқа да мийнет қатнасықларына байланыслы жумысларға айрықша итибар қаратылмақта.

 Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен белгиленген әҳмийетли бағдарлар ҳәм режелер тийкарында ҳәм «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» илажларына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров пенен сәўбетлесип, тараўдағы жаңалықлар ҳәм өзгерислер ҳаққында көпшиликти қызықтырған айырым сораўларға жуўап алдық.

– Усы жылы 9 ай даўамында мийнеткешлердиң мийнет саласындағы ҳуқықларын тәмийинлеў, олардың социаллық-экономикалық мәплерин қорғаўды күшейтиў, соннан, социаллық шерикшилик көлемин кеңейтиў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылды?

– Быйыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мүнәсибети менен белгиленген бағдарламаларға муўапық, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң илажлар режеси ислеп шығылды. Жаңалықлардың бири онда жәмәәтлик шәртнамаларды қабыл етиў процесинде усы шәртнамаларға кем тәмийинленген, көп балалы шаңарақ ағзаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәрдем көрсетиў,  ҳаяллардың ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алыслар күнин созыў, жас аналарға материаллық жәрдем көрсетиў, ҳаялларға айлық мийнет ҳақы сақланған ҳалда жумыс ўақтын ҳәптесине отыз бес сааттан аспайтуғын етип белгилеў миннетлемелериниң киргизилиўине ерисилди.

Бөлим тәрепинен 2021-жыл 9 ай даўамында жәми 18 жәмәәтлик шәртнама, 34 жәмәәтлик келисим жойбарлары экспертизадан өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси арасында социаллық-экономикалық мәселелерге байланыслы 2020-2022-жыллар ушын дүзилган аймақлық Келисимниң 2020-жылда орынланыўы көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

  • Пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери қалай шешилмекте?

– Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының 2019-жыл 31-май күнги БМ-05/678-санлы хатының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен ислеп шығылған «Мийнет саласындағы жаңа процесслерди анализлеў ушын турақсыз бәнтликти, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларды, жеке бәнтлик агентликлериниң жумысларын мониторинг етиў бойынша методикалық көрсетпе»ге муўапық, Шымбай, Тақыятас, Қараөзек, Нөкис ҳәм Шоманай районларында мийнет саласында жаңа процесслер болған турақсыз бәнтлик, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумыслардың мониторинги алып барылды.

Өзбекстан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамының 19-20-статьяларына муўапық, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине Республикалық «Бәнтлик» бағдарламасының нәтийжели орынланыўын, халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет базарындағы жағдайды турақластырыўға қаратылған усыныслар берилди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Атқарыў комитетиниң 2021-жыл 25-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен кәсиплик аўқамлары тәрепинен жумыс орынларын жаратыўдың мәнзилли бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кеңес тәрепинен жаңа кәрхана, мәкеме шөлкемлестириў, жумыс ислеп турған кәрханаларға шәртнама тийкарында қарыз бериў яки олардың устав фондына үлес қосыў арқалы шериклес болып кириў ҳәм кеминде 30 кем тәмийинленген пуқараны жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде Кеңес тәрепинен 3 жылға процентсиз 85 миллион сум қаржы ажыратылды.

Бул жумыс орынлары тигиўшилик, улыўма аўқатланыў, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер шаштәрези, гөззалық салоны, азық-аўқат ҳәм шийки зат материалларын усақлап сатыў, дилерлик ҳәм компьютер хызмети, видео ҳәм фотосүўретке алыў бағдарлары болып, көплеген жумыс орынлары жаратылды.

  • Жумыс бериўшилер тәрепинен мийнетке мүнәсип түрде ҳақы төлениўи қадағалаўға алынған ба?

– Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясы Кеңеси Президиумының 2014-жыл 19-апрельдеги «Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясы системасындағы кәсиплик аўқам уйымлары тәрепинен мийнет ҳақысы өз ўақтында төлениўи үстинен жәмийетлик бақлаўды алып барыў тәртиби»ҳаққындағы қарары барлық жуўапкер шөлкемлестириўшилерге, районлық, қалалық кеңеслер ҳәм басланғыш шөлкемлерге жиберилген. Ҳәзирги ўақытта қарыздарлықты сапластырыў бойынша мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Мәселен, «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң хызметкерлери тәрепинен 2021-жыл 26-апрель күнги «Мийнет ҳақылары кешиктирилип атырғанлығы бойынша» арзасы тийисли тәртипте үйренип шығылып, февраль айының ўақтында төленбеген 24004533 (жигирма төрт миллион төрт мың бес жүз отыз үш) сум мийнет ҳақысы төлетип берилди.

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қоңырат районы суў тармақлары филиалы хызметкерлериниң 2021-жыл 27-май күнги арзасына тийкарланып кәрханада хызметкерлерге мийнет ҳақыларының өз ўақтында төлениўи ҳәм хызметкерлерге жаратылған мийнет шараятлары үйренип шығылып, усы жәмийет директорына ҳәм Қоңырат районы суў тармақлары филиалы баслығына анықланған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрсетпелер берилди.

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қоңырат районы суў тармақлары филиалы хызметкериниң  2021-жыл 27-сентябрь күнги арзасы тийкарында кәрханада хызметкерлерге мийнет ҳақыларының өз-ўақтында төлениўи ҳәм хызметкерлерге жаратылған мийнет шараятлары үйренип шығылып, усы жылдың август айы мийнет ҳақылары толық ҳәм сентябрь айы ушын аванс төлемлери төленип, «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖдан қосымша 2 дана гидрокомбинизон алып берилди.

– Социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген шаңарақлар, майыплығы болған инсанлар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-февраль күнги 2-18«с»-санлы қарары менен тастыйықланған «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» бағдарламасының 11-бәнти тийкарында есабат дәўиринде 548 пенсия жасындағы пуқараға пенсияға шығыўдан алдын жәми 165466,6 мың сумлық (кәсиплик аўқамы есабынан 71867,5 мың сум, кәрхана есабынан 93599,1 мың сум) бир мәртелик материаллық жәрдемлер ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди. Сондай-ақ, 701  хызметкерге юбилей сәнелери мүнәсибети менен жәми 178070,9 мың сумлық  қымбат баҳалы саўғалар, 1384 жумыс ислемейтуғын пенсионерлерге (кәрхана, мәкемениң бурынғы хызметкерлери)не жәми 226939,9 мың сумлық, 500 майыплығы болған ҳәм басқалардың күтимине мүтәж (кәрхана, мәкемениң бурынғы хызметкерлери) шахсларға жәми 111908,5 мың сумлық,  перзентлери 2 жастан 3 жасқа шекемги бала тәрбиясы менен бәнт болған 362 жас анаға жәми 100752,0 мың сумлық материаллық жәрдемлер берилди.

Сондай-ақ, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шанарақлардың  2775 перзенти ушын оқыў қураллары, сабақлықлар сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын жәми 197457,7 мың сумлық қаржы жумсалды.

Кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған 243 балалы ҳаялға айлық мийнет ҳақыcы сақланған ҳалда жумыс ўақтын ҳәптесине 35 сааттан аспайтуғын етип белгиленди.

2924 кем тәмийинленген жас шаңарақларға 910420,6 мың сумлық материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Жоқары оқыў орынларында оқып атырған 225 кем тәмийинленген ҳәм шын жетим студентлерге оқыў шәртнама пулларының бир бөлеги, жәми 556347,0 мың сум төленип берилди.

37 шаңараққа мәмлекетимизде ислеп шығарылған, узақ мүддет пайдаланатуғын товарлар, сондай-ақ, турақ жай қурылысы ушын 159800,0 мың, 37 хызметкерге әскерий хызметке шақырылыўы мүнәсибети менен 123200,0 мың сумлык процентсиз ссудалар берилди.

-Пуқаралар мийнет етиў пайытында майып болса ямаса жумыс ислеўине байланыслы басқа да бахытсыз ҳәдийселер болса қандай жәрдем көрсетиледи?

– Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң есабында 1923 басланғыш шөлкемлер болып, оларға мийнетти қорғаў бойынша Кеңес тәрепинен 1 қәниге хызмет етеди.

Быйыл 9 ай даўамында 30 мәкеме ҳәм басланғыш шөлкемлердиң мийнетти қорғаў бойынша жумыслары үйренип шығылып, үйрениў дәўиринде мийнетти қорғаў бойынша 34 қағыйда ҳәм нормалардың бузылғанлығы анықланып, усы жағдайлардың барлығы кәсиплик аўқамлары хызметкерлериниң ҳәрекетлери нәтийжесинде сапластырылды.

Есап бериў дәўиринде Кеңеске ағза мәкеме ҳәм басланғыш шөлкемлерде
2021-жылдың 9 айы жуўмағына бола, мийнетте майып болыў ямаса жумыс ислеўине  байланыслы болған 4 бахытсыз ҳәдийсе жүз берген болып, усы анықланған жағдайлар ўәкиллик шеңберинде үйренип шығылды ҳәм хызметкерлерге денсаўлығының басқа түрдеги зыянланыўы себепли жеткерилген зыян төлемлери толық өндирилди.

  • Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, олардың мәселелерин шешиў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Быйыл 9 ай даўамында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 245 мүрәжат келип түскен.

Соннан, жазба мүрәжатлар 214, аўыз-еки мүрәжатлар 3, электрон мүрәжатлар 23, «Исеним телефоны» арқалы келген мүрәжатлар 5 ти  қурайды.

Усы мүрәжатлардың 8 и шағым, 237 си арза түриндеги мүрәжат болып есапланады.

Мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжесинде 57 мүрәжат қанаатлантырылды, 143 мүрәжат бойынша түсиник берилди, 23 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа уйымға жиберилди. Мүрәжатлар бойынша жумыс бериўшилерге берилген усыныслардың оны қанаатлантырылып, биреўинен бас тартылды.

Жәми 23 пуқараның ҳуқықы тикленип, улыўма 21 590 436 сум пул өндирилген.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси, Министрлер Кеңесиниң жумысшы топарларында, прокуратура ҳәм суд уйымларында мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин әмелде қолланыў, социаллық мийнет қатнасықларына тийисли мүрәжатлар бойынша қәниге сыпатында қатнасылып, жуўмақлар берилди.

Мийнет нызамшылығын ҳалыққа түсиндириў, кәсиплик аўкамлары белсендилериниң билимлерин арттырыў бойынша ҳуқықый темаларда оқыўлар, семинарлар, сәўбетлесиўлер өткерилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги