Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев бүгин, 19-октябрь күни Ташкент қаласының сайлаўшылары менен ушырасыў өткермекте.

Илажды талабанның Ташкент қаласындағы исенимли ўәкили Рустам Калонов ашты.

Исенимли ўәкил кейинги жылларда Шавкат Мирзиёевтиң ис-ҳәрекетлери менен мәмлекетимизде, атап айтқанда, Ташкент қаласында алып барылып атырған ири социаллық-экономикалық реформаларға, олардың халық абаданлығын және де арттырыў ҳәм аймақтың раўажланыўы жолындағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Усы күнлерде Ташкент қаласында да быйылғы жыл 24-октябрьде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына пуқта таярлық көрилип атырғаны айтып өтилди.

Соң  сөз  Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Ҳәзирги ўақытта Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасы бойынша шығып сөйлемекте.

 

ӨзА