Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслар арасында «Адамлар – буйым емес!», «Адам саўдасы ҳаққында сиз нелерди билесиз?», «Адам саўдасының аянышлы ақыбетлери» атамасында онлайн таңлаў өткерилди.

Таңлаўға жоқарыдағы темаларда видео, сүўрет ҳәм жазба жумыс бойынша студентлердиң ой-пикири, түсиниклери сәўлеленген материаллар келип түсип, таңлаў жуўмағында номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.

Атап айтқанда, таңлаўда «Ең жақсы видое-сюжет» номинациясы бойынша Айжамал Тоқсанбаева, «Ең жақсы мақала» номинациясы бойынша Райхан Жуманиязова биринши, социаллық тармақлардағы ең жақсы материал (видеоролик) бойынша Гүлназ Сапарбаева биринши, «Ең жақсы сүўрет» бойынша Зубайда Жалғасбаева, «Ең жақсы жазба жумыс» бойынша Шахзодбек Мирзакаримов бириншиликти ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги