Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 26-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” сүрени  астында ушырасыў кешеси өткерилди.

Илажға район ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Нөкис районы бойынша бас қәнигеси, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, районлық Ишки ислер бөлими, Нөкис районы бас имам-хатиби, районлық халық билимлендириў бөлими хызметкерлери, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер, дүньяның геосиясий, экономикалық ҳәм социаллық, мәлимлеме-коммуникация картасында кескин өзгерислер жүз берип атырған, түрли идеологиялық тартысыўлар жедел түс алып атырған бир ўақытта, пикирге қарсы пикир, идеяға қарсы идея, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселесине айланғанлығын атап өтти.

Ушырасыў шеңберинде жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаўда шаңарақ ҳәм билимлендириў мәкемелериниң орны, жасларды исеним ҳәм диний кеңпейиллик руўхында тәрбиялаў, интернет майданындағы руўхый қәўиплер ҳәм оларға қарсы гүресиў, экстремизм ҳәм терроризм, миссионерлик ҳәм прозелитизм сыяқлы жат иллетлердиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.

Ушырасыў соңында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, пикир – усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги