Биз көбинесе ғарбыз-қаўынды жақсылап тазалаўды итибарсыз қалдырамыз. Себеби, оның барлық кирлери қабықта қалады, ол қалың, мийўесине ҳеш нәрсе түспейди, соның ушын ғарбызды тек ғана шайыў ямаса улыўма жуўмаса да болады деп ойлаймыз. Бирақ, ҳақыйқатында да, сондай ма?

Ғарбызды қалай жуўыў керек! Оны сабынлап жуўыў керек пе?

Россиялы қәнигелердиң пикиринше, ғарбыз ҳәм қаўынды, әлбетте, жуўыў керек, әпиўайы шайыў жетерли емес. Не болғанда да, ғарбыз жерде жатады, қабығына бактерия ҳәм паразитлер түсиўи ҳеш гәп емес. Сондай-ақ, ғарбызды узақ ўақыт сақлаў ушын онда қайта исленетуғын бирикпелер сақланып қалыўы мүмкин. Ғарбыз кесилгенде бактериялар ишине түсиўи мүмкин.

Сабын ямаса жуўыў қураллары менен тазаланғаннан соң резаворлар ағын суўда жақсылап жуўылыўы керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги