Соңғы жылларда дийқанларымыз бенен фермерлеримиз тәрепинен жетистирилип атырған аўыл-хожалығы өнимлери жылдан-жылға көбейип, өнимлер республикамыздың ишки базарларында халықтың тутыныўы ушын сатылмақта. Соның менен бирге, басқа мәмлекетлерге де экспортқа шығарыў ушын шараятлар жаратылған.

Өзагроинспекцияның Кегейли районы бөлиминиң Пахта шийки заты, дәнли туқымлар ҳәм оны қайта ислеў өнимлеринен пайдаланыўды қадағалаў бөлими тәрепинен нызам талапларына муўапық ҳәм тастыйықланған стандарт талапларынан келип шығып, райондағы Кегейли ҳәм Халқабад дийқан базарларында ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте туқымлық дәнлерди базарларда сатыўдың алдын алыў мақсетинде рейд илажлары өткерилди.

– Рейд илажлары даўамында «Кегейли дийқан базары»нан пуқаралар А.А. ҳәм Ж.С. жәми 25 килограмм туқымлық дәнди сатыў ушын базарға шығарғаны анықланды. Бул пуқараларға химиялық жақтан қайта исленген туқымлық дәнди усақлап сатыў нызамсыз екени түсиндирилди,-дейди Өагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жәмийетшилик пенен байланыс ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлиминиң бас инспекторы Ж.Ермашева. – Олар алдағы ўақытлары усындай қәте-кемшиликлерге жол қойыўының алдын алыў мақсетинде ескертилди.

Инспекция системасында усындай қадағалаў илажларының әмелге асырылыўы халқымыздың тутыныўы ушын сапалы өнимлердиң сатылыўын тәмийинлеў менен бирге, өнимниң сапасына жуўапкер субъектлер тәрепинен нызамбузыўшылыққа жол қоймаўы ушын тиккелей хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги