Қарақалпақстан аӯыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтыныӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раӯажланыӯ министрлиги ӯәкиллериниӊ пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан бир қатар жоқары оқыӯ орынлары докторантлары, магистрантлары ҳәм илимий изертлеӯге  қызығыӯшы бир топар студентлери менен өз-ара ушырасыӯы болып өтти.

Илажды усы институт директоры, профессор Елмурат Төрениязов кирис сөз бенен ашты ҳәм бүгинги күни елимизде, соныӊ ишинде, Қарақалпақстан аӯыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында соӊғы жыллары жүз берип атырған жаӊалықлар, илим тараӯында қолға киргизилип атырған жетискенликлер туўралы илаж қатнасыӯшыларына кеӊ түрде айтып берди ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновациялық раӯажланыӯ министрлиги ӯәкиллерине жас илимпазлардыӊ пикир – усынысларын тыӊлаӯ ҳәм оларға тийисли жол-жобалар бериӯге келгени ушын оларға өзиниӊ тереӊ миннетдаршылығын билдирди.

Буннан соӊ усы министрликтиӊ Аймақларды инновациялық раӯажландырыӯ басқармасы баслығы Қудратжан Юсупов соӊғы жыллары Өзбекстан Республикасы Инновациялық раӯажланыӯ министрлиги тәрепинен мәмлекетимизде илим ҳәм инновацияны раӯажландырыӯ бойынша исленип атырған бир қатар жумысларға тоқтап өтип, қарақалпақстанлы жаслардыӊ илимди раӯажландырыӯ бағдарындағы илимий изленислери бойынша пикир – усыныслары менен қызықсынды.

Өз гезегинде республикамыздағы жоқары оқыӯ орынларында тәлим алып атырған жас илимпазлар, студентлер  ҳәм оларға жол-жоба берип киятырған тараӯ пидайылары да сөзге шығып, министрликтиӊ жуӯапкер хызметкерлерине өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша мүрәжат етип, оларға тийисли жуӯаплар алды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы аймақлық инновациялық раӯажланыӯ басқармасы баслығы Нурсултан Каюпов шығып сөйлеп, илаж қатнасыӯшыларына басқарма тәрепинен соӊғы ӯақытлары тараӯды раӯажландырыӯ бойынша республикамызда  исленип атырған жумыслар туӯралы айтып берди ҳәм қатнасыӯшылардыӊ қызықтырған сораӯларына жуӯап берди,-деп жазып институттың мәлимлеме хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги