Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили А.Данияровтың қатнасыўында брифинг болып өтти.

Брифингте А.Данияров журналист ҳәм блогерлерди Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмирбаяны ҳәм сайлаўалды бағдарламасындағы тийкарғы бағдарлары менен таныстырды.

Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Отемисов сайлаўалды процессте Кеңес тәрепинен әмелге асырылған үгит-нәсиятлаў илажлары бойынша мағлыўмат берди.

Брифинг даўамында исенимли ўәкил жумысының мақсет ҳәм ўазыйпалары, жумыс режелери және ислесиў механизмлери ҳаққында мағлыўмат берди. Сайлаў Кодексине бола, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў талабанларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертеңинен, яғный 2021-жыл 20-сентябрьден баслап басланады ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанда тоқтатылады.

Сайлаў үгит-нәсияты даўамында исенимли ўәкил Қарақалпақстан Республикасының барлық район ҳәм қалаларында, түрли шөлкемлерде, кәрхана ҳәм мәкемелерде тараў ўәкиллери менен жүзбе-жүз сөйлесиўи, соның ишинде, ғалабалық ушырасыўлар өткериўи режелестирилген. Онда тийкарғы итибар Президентликке талабанның бағдарламасында белгиленген тийкарғы идея ҳәм мақсетлерди пуқараларға жанлы, турмыслық мысаллар арқалы, қызғын сәўбет ҳәм сораў-жуўаплар усылында түсиндириўге, соның менен бирге, орынларда бар машқалалар бойынша пикирлесиўге қаратылады.

Брифинг даўамында исенимли ўәкил өз алдына мәмлекеттиң раўажланыўын жаңа және де жоқары басқышқа көтериў сыяқлы уллы мақсетти қойған Жаңа Өзбекстанда Президент сайлаўы усы жылы жаңа миллий сайлаў нызамшылығы, улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сәйкес, демократиялық принциплер тийкарында ҳәм пүткиллей жаңа шараятта өтетуғынын атап өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери