Подполковник Турдыбаев Өмирбай Кеўлимжаевич Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Хожели районлық Ишки ислер бөлими баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тайынлаўға шекем Өмирбай Турдыбаев Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары – ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.