Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы  76-сессиясының жоқары дәрежедеги улыўмасиясий сөйлесиўлеринде видеомүрәжат пенен шығып сөйлейди.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық жәмийетшиликке регион ҳәм глобал  күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер, БМШтың заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте илаж көриўдеги роли бойынша өзиниң көзқарасын билдиреди ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған ҳәм артқа қайтпайтуғын түрге енген терең демократиялық реформалардың  мазмун-мәнисин ашып береди.

Өзбекстан жетекшисиниң шығып сөйлеўинде, додалаўлардың темасын есапқа алып  COVID-19 пандемиясының социаллық-экономикалық ақыбетлерин БМШ тәрепинен жәрияланған «ҳеш кимди артта қалдырмаў» принципи тийкарында биргеликте жеңип өтиў мәселелерине тоқтап өтиледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў, жәҳән экономикасын тиклеў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, регионда ҳәм глобал дәрежеде сөйлесиўди кеңейтиў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин алға қойыўға, сондай-ақ, климаттың өзгериўи, қоршаған орталық ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликтиң кризиске бет бурыўы,  Арал теңизиниң қурыўы сыяқлы трансмиллий қәўиплерге қарсы гүресиўге қаратылған  бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының  2020-жыл сентябрь айында өткен БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған барлық басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланғаны ҳәм бүгин өзиниң әмелий көринисин тапқанлығын атап өтиў зәрүр.

Оларды әмелге асырыў шеңберинде, соның ишинде, пандемияға қарсы нәтийжели гүресиў бағдарындағы илажлар қоллап-қуўатланбақта. Өзбекстан Республикасы  тәрепинен Пандемия дәўиринде мәмлекетлердиң  ықтыярий миннетлери ҳаққында кодекс ислеп шығылған болып, бул бағдардағы глобал ҳәрекетлерге мәмлекетимиздиң үлеси сыпатында БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен  рәсмий ҳүжжет түринде тарқатылды.

2021-жылдың май айында БМШ Бас Ассамблеясы Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында арнаўлы резолюцияны қабыл етти. БМШ басшылығында шөлкемлестирилген Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст қоры нәтийжели жумыс ислемекте.

Өткен ҳәптеде ЮНЕСКО менен биргеликте Хийўа қаласында «Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық мәденият форумы табыслы шөлкемлестирилди.

2021-жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында БМШтың Глобал антитеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша Орайлық Азия мәмлекетлериниң Биргеликтеги ҳәрекетлер режесин орынлаў нәтийжелери ҳәм бул бағдардағы  бирге ислесиў перспективаларына бағышланған халықаралық конференцияны өткериў режелестирилген.

 

ӨзА