Ҳүрметли кәсиплеслер!

Аўғанстандағы бәршемизди тәшўишлендирип атырған жағдай мени де қәўетерге салмақта.

Ҳақыйқатында да, бүгин бул мәмлекетте пүткиллей жаңа ўақыя жүзеге келди ­ жүдә қысқа ўақытта «Талибан» ҳәрекети дерлик барлық ҳәкимиятты өз қолында жәмледи.

Жаңа ҳәкимият алдында жәмийетти бирлестириўден баслап барлық этносиясий топарларды өз ишине алған уқыплы ҳүкиметти қәлиплестириўге шекем басып өтилиўи керек болған қурамалы жол тур.

Мазмуны бойынша, жағдайды турақластырыў перспективалары, аўған мәмлекетшилигиниң тиклениўи ҳәм, улыўма, халықаралық жәмийетшилик пенен Аўғанстан арасындағы бирге ислесиўдиң раўажланыўы усыған байланыслы болады.

Ҳәзирги шараятта мәмлекет пуқаралық урыс ҳәм гуманитар кризис қоршаўында қалып кеткен, халықаралық жәмийетшиликтен жеккеленип қалған, оның аймағы болса халықаралық терроршылық ҳәм наркотиклер ислеп шығарыў «хабы»на айланған дәўир ­ тоқсаныншы жыллардағы жағдайына және қайтып қалмаслығына исенимли кепилликлер жоқ.

Ең жақын қоңсы сыпатында биз сол жыллардағы усындай қәўип-қәтер ҳәм тынышсызлықларға тиккелей дус келгенбиз ҳәм Аўғанстандағы жағдай усы сценарий тийкарында раўажланыўы итималының барлық кери ақыбетлерин ашық-айдын аңлап турмыз.

Усы мүнәсибет пенен Аўғанстан бойынша бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери бағдарындағы көзқарасымыз бенен бөлиспекшимен.

Биринши. Аўғанстан аймағы қәўипсизлигимизге қәўип-қәтерлер дереги болып қалыўына жол қойып болмайды.

Бул бойынша сөз еткенде, ең дәслеп, экстремизмниң артыўы ҳәм радикал идеологияның экспортын, Аўғанстан аймағынан мәмлекетлеримизге қарсы бүлгинши ҳәрекетлер ушын пайдаланыўды, көтерилисшилердиң шегараларды бузып өтиў қәўпин нәзерде тутып атырман.

Улыўма ҳәрекетлер менен, қатаң илажлар көрген ҳалда, биргеликте терроршыларды «ыссы ноқатлар»дан Аўғанстанға көшириў каналларын кесиў зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен ШБШ РАТС Атқарыў комитети ҳәм КҚШШ Секретариаты, сондай-ақ, мәмлекетлеримиздиң арнаўлы хызметлери бағдарында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў тәрепдарымыз.

Екинши. Жаңа ҳәкимиятты тән алыў процесине кириў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде Аўғанстан ҳәм оның әтирапындағы жағдайдың раўажланыўына ШБШ ҳәм КҚШШның улыўма стратегиялық қатнасын ислеп шығыў оғада әҳмийетли.

Үшинши. Жаңа ҳүкимет пенен сөйлесиўлер жүргизиў ол өз жуўапкершилигине алған миннетлемелердиң орынланыўына жараса әмелге асырылыўы зәрүр.

Булардың қатарында ­ халықарлық терроршылық шөлкемлерине басшылық етпеўҢ Аўғанстан аймағынан үшинши мәмлекетлерге қарсы пайдаланыўына жол қоймайҢ инсан, соның ишинде ҳаял-қызлар ҳәм миллий азшылықлардың тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў.

Төртинши. Аўғанстанда социаллық-экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўды даўам еттириў айрықша әҳмийетке ийе.

Қыйын жағдайға қарамастан, биз Өзбекстан-Аўғанстан транспорт узели ­ бул мәмлекетке азық-аўқат ҳәм нефть өнимлерин жеткерип бериў ушын ең әҳмийетли жол хызметин, сондай-ақ, электр энергиясының үзликсиз тәмийнатын тоқтатпадық.

Соны айрықша атап өтпекшимен, жәрдемниң тоқтатылыўы жәбиркеш аўған халқының сонда да аўыр жағдайын және де қыйынластырады.

Ҳәзирги ўақытта жаңа ҳәкимият биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда қәўипсизликти кепиллестириўи шәрт.

Бесинши. Аўғанстанның жеккеленип қойылыўы ҳәм оның нәзерден қалып кеткен мәмлекетке айланыўына жол қоймаў зәрүр.

Усы көзқарастан, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Аўғанстанға жәрдемлесиў бағдарындағы халықаралық ҳәрекетлерди мобилизациялаў ҳәм муўапықластырыў ушын және де көбирек жуўапкершиликти өз мойнына алыўы мүмкин болар еди, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан Аўғанстандағы жағдайды турақластырыўда барлық мәпдар тәреплер менен тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да даўам еттириў нийетинде.

Итибарыңыз ушын рахмет.