Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Исбилерменлер ҳәрекети –  Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы   Қарақалпақстан  Республикалық  Кеңеси тәрепинен мәмлекетимиз басшысының «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде «Президент сайлаўында жаслардың белсендилигин арттырыў» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда ӨзЛиДеП Сиясий  Кеңеси Атқарыў комитетиниң бөлим баслығы Г.Халмуратова, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери,  институттың  студет-жаслары қатнасты.

Ушырасыўда кейинги жылларда мәмлекетимизде ҳуқықый-демократиялық жәмийет қурыў, елимиз экономикасын жәнеде жоқары дәрежеге көтериў, халықтың  турмыс пәраўанлығын жақсылаў, сондай-ақ,  социаллық-сиясий турмыстың барлық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап  өтилди.

Китапта  Жаңа Өзбекстанды ҳәм үшинши Ренессанс  тырнағын қалаўда әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм реформалардың мақсети, мазмун-мәниси ҳәм тийкарғы бағдарлары, миллий раўажланыўымыз      ҳаққында пикирлер орын алған.

Китап халқымыздың  Жаңа  Ояныў дәўири тийкарларын жаратыў менен байланыслы ийгиликли нийетлер, умытылыслар, оларды әмелге асырыў бағдарында  ең тийкарғы ўазыйпаларды додалаўда хызмет етеди.

Ушырасыўда китаптың мазмун-мәниси жасларға кеңирек түсиндирилди.

Сондай-ақ, усы жылдың 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан  Республикасы Президенти сайлаўында жаслардың белсендилигин арттырыў, әсиресе, биринши мәрте даўыс беретуғын жасларға болажақ сайлаўлардың әҳмийети, Сайлаў кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша лекторлар тәрепинен толық  мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында жаслар сайлаўға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги