Президент Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги саммитинде қатнасыў ушын 16-сентябрь күни Душанбе қаласына келди.

Мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзода ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Өзбекстан Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң тийкарын салыўшы мәмлекетлердиң бири. 2001-жылы дүзилген бул шөлкемге бүгинги күнде сегиз мәмлекет – Ҳиндстан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан ағза.

Өткен 20 жылда шөлкем халықаралық шеңберде абырайлы структураға айланды. Бүгин ШБШ мәканы дүнья халқының дерлик ярымын бирлестирген, бай тәбийғый ресурслар, алдыңғы технологиялар ҳәм үлкен тутыныў базарына ийе.

Өзбекстан ШБШға саўда-экономика, транспорт ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, регионаллық қәўип-қәтерлер ҳәм трансмиллий жынаятшылықа қарсы гүресиўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында қарайды.

Мәмлекетимиз шөлкем шеңбериндеги бирге ислесиўде белсене қатнасып келмекте. Мәмлекетимиз басшысының басламалары бирге ислесиў көлемин кеңейтиў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға хызмет етпекте.

Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Шанхай бирге ислесиў шөлкемине үш мәрте – 2003-2004, 2009-2010 ҳәм 2015-2016-жыллары табыслы басшылық еткен. 2016-жылғы Ташкент саммитинде Ҳиндстан ҳәм Пакистанның ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў жолындағы миннетлемелери ҳаққында меморандумларға қол қойылған ҳәм олар ушын шөлкемге жол ашылған еди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммит шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри, Иран Ислам Республикасы Президенти менен ушырасыўлар өткерди.

 

Президент Эмомали Раҳмон менен сөйлесиўде көп қырлы Өзбекстан-Тәжикстан қатнасықларын және де раўажландырыў және регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық экономика тармақларында кооперация жойбарларын ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў мақсетинде жедел сөйлесиўлер ҳәм алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдай бойынша да пикир алысты.

Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстанның ШБШдағы нәтийжели басшылығы дәўиринде ерисилген нәтийжелерди жоқары баҳалады ҳәм болажақ саммит илажларының табыслы өткерилиўин тиледи.

Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Имран Хан менен сөйлесиўде еки мәмлекет жетекшилериниң быйыл июль айында Ташкент қаласында өткен саммитинде Өзбекстан ҳәм Пакистанның көп қырлы бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылдың басынан еки тәреплеме товар алмасыў 2,5 есеге артқаны, 30 дан артық жаңадан қоспа кәрхананың шөлкемлсетирилгени атап өтилди. Ташкент ҳәм Лаҳор қалалары арасындағы авиақатнаўлар тикленди.

Нәтийжели исбилерменлик алмасыўларын кеңейтиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди. Бәринен бурын, преференциал саўда ҳаққындағы шәртнманы тез пурсатта қабыл етиў, транзит ҳәм саўда қатнасықлары ҳаққындағы келисим қағыйдаларын орынлаў, қабыл етилген «жол картасы»на муўапық экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, мине, усылардың қатарына киреди.

Ушырасыўда Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдайдан келип шығып региондағы жағдай бойынша пикир алысылды. Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелеринде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисий менен сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Иран Президентин жоқары мәмлекетлик лаўазымға сайланған менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, жуўапкершиликли жумысына үлкен табыслар тиледи.

Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Усы жылдың басынан өз-ара саўда көрсеткишлери избе-из өсип баратырғаны көзге тасланбақта. Аўыл хожалығы, қусшылық, балықшылық, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақларда бизнес жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.

Саўда-экономикалық байланыслардың тезлигин даўам еттириў ҳәм жаңа «өсиў ноқатлары»н анықлаў мақсетинде биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын жеделлестириўге келисип алынды.

Буннан тысқары, «жол картасы» тийкарында санаат кооперациясын күшейтиў перспективлары және еки мәмлекеттиң транзит потенциалын нәтийжели иске қосыў имканятлары ўәкилликли уйымлар дәрежесинде пуқта үйрениледи.

Мәмлекет басшылары регионның күн тәртибиндеги мәселелерин, соның ишинде, Аўғанстанда жүзеге келип атырған жағдайдан келип шыққан ҳалда көрип шықты.

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитиниң тийкарғы илажлары 17-сентябрь күни болып өтеди.

Тәжикстан басшылығында өткерилип атырған саммит жумысында ШБШға ағза мәмлекетлер-Ҳиндстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Қырғыз Республикасы, Пакистан Ислам Республикасы ҳәм Россия Федерациясы жетекшилериниң қатнасыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары мәжилисинде шөлкем жанында бақлаўшы статусындағы мәмлекетлер тәрепинен Беларусь Республикасы, Иран Ислам Республикасы ҳәм Монғолия Президентлери қатнасады. Мәжилистиң ҳүрметли мийманы сыпатында Түркменстан басшысы мирәт етилген.

Саммитте ШБШ атқарыў уйымлары ҳәм басқа да халықаралық институтлардың басшылары да қатнасады.

Күн тәртибине муўапық, қатнасыўшылар ШБШның өткен 20 жылғы жумысының тийкарғы жуўмақларын көрип шығады, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли ўазыйпаларын додалайды. Глобал сиясат ҳәм регионның күн тәртибиндеги мәселелери бойынша да пикир алысады.

Саммит жуўмағында Душанбе декларациясының қабыл етилиўи, мәмлекетлер басшыларының қарарлары ҳәм шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы басқа да көп тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы мөлшерленген. ШБШға басшылық Өзбекстан Республикасына өтиўи саммиттиң әҳмийетли ўақыясы болады.

Президентимиз әнжуман шеңберинде Аўғанстандағы жағдай бойынша «ШБШ-КҚШШ» форматындағы ушырасыўда қатнасыўы нәзерде тутылған.

 

ӨзА