Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-17-сентябрь күнлери Тәжикстан Республикасының пайтахты – Душанбе қаласында болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң юбилей мәжилиси илажларында қатнасады.

Тәжикстан басшылығында өткерилип атырған саммит жумысында ШБШға ағза мәмлекетлер – Ҳиндстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Қырғыз Республикасы, Пакистан Ислам Республикасы ҳәм Россия Федерациясы жетекшилериниң қатнасыўы күтилмекте.

Шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекетлер тәрепинен Беларусь Республикасы, Иран Ислам Республикасы ҳәм Монголия Президентлери қатнасады. Мәжилистиң ҳүрметли мийманы сыпатында Түркменстан басшысы мирәт етилген.

Сондай-ақ, илажда ШБШ атқарыў уйымлары ҳәм басқа да халықаралық институтлардың басшылары қатнасады.

Күн тәртибине муўапық, қатнасыўшылар ШБШның өткен 20 жылғы жумысының тийкарғы жуўмақларын көрип шығады, ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли ўазыйпаларын додалайды. Глобал сиясат ҳәм регион күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысылады.

Саммит жуўмағында Душанбе декларациясының қабыл етилиўи, мәмлекетлер басшыларының қарарлары ҳәм шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы басқа да көп тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған. ШБШға басшылық етиў Өзбекстан Республикасына өтиўи самиттиң әҳмийетли ўақыясы болады.

Буннан тысқары, Президентимиз бағдарламасынан бирге ислесиўши мәмлекетлердиң басшылары менен бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер және Аўғанстандағы жағдай бойынша «ШБШ-КҚШШ» форматындағы ушырасыўда қатнасыў орын алған.

 

ӨзА