Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-сентябрь күни еки тәреплеме хүкиметлераралық комиссиялардың илажлары шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмират Оразгелдиевти қабыл етти.

Көп қырлы Өзбекстан-Түркменстан бирге ислесиўин және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер дос мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, оларды анық мазмун менен байытыўға хызмет етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Эсенмират Оразгелдиев Өзбекстан жетекшисине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди және Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Сондай-ақ, усы күнлерде Ташкент қаласында өткерилген еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша биргеликтеги хүкиметлераралық комиссиялар мәжилислериниң тийкарғы нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда өткерилетуғын саммитке пуқта ҳәм ҳәр тәреплеме таярлық көриў, бәринен бурын, мазмунлы күн тәртибин қәлиплестириў, сондай-ақ, экономиканың түрли тармақларында санаат кооперациясы жойбарларын ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.

 

ӨзА