Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-сентябрь күни Халықаралық қаржы корпорациясының басқарыўшы директоры Махтар Диоп басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы қурамында ХҚК да жумыс ислеўши Жәҳән банкиниң топары менен нәтийжели бирге ислесиўдиң избе-из раўажланып атырғаны ҳәм стратегиялық шериклик беккемленип баратырғанын айрықша атап өтти.

Ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў, бирге ислесиўди  сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға өз-ара умтылысы себепли Өзбекстанда Жәҳән банки қатнасыўындағы биргеликтеги жойбарлардың портфели 5 миллиард долларға жеткен ҳәм мәмлекетимиз экономикасының барлық тийкарғы тараўлары менен тармақларын қамтып алған.

2016-жылы мәмлекетимизде ХҚК жумысы қайта тикленди. Өткен дәўирде Корпорация әмелиятларының көлеми үш есеге артып, дерлик 200 миллион долларды қурады.

Бүгинги күнде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасын раўажландырыў, транспорт тараўын модернизациялаў, банк секторын трансформациялаў, микроқаржыландырыў институтларын реформалаў, тоқымашылық тармағына халықаралық стандартларды енгизиў ҳәм басқа да бағдарларда әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиўлер ўақтында денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириўдеги реформаларды қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, тараўда басқарыў системасын жетилистириў ҳәм процесслердеги санластырыўға байланыслы бағдарламалар ҳәм жойбарларда ХҚКның қатнасыўын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, исбилерменлик тараўында, бизнести қаржыландырыўдың нәтийжели механизмлерин, мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасын раўажландырыўдағы алдыңғы тәжирийбени енгизиў бағдарында бирге ислесиў, сондай-ақ, Өзбекстанда «жасыл технологиялар»ды қолланыў, соның ишинде, энергетика ҳәм аўыл хожалығындағы инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екени атап өтилди.

Биргеликтеги «жол картасы»н таярлаў ҳәм турақлы экспертлик ушырасыўларды өткериўге келисип алынды.

 

ӨзА