Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жаңа оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларында бакалавриат ҳәм магистратура бағдарлары бойынша төлемли контракт муғдарлары бойынша түсиник берди.

Министрликтиң мәлим етиўинше, 2020-2021-оқыў жылы басында коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты социаллық жақтан қорғаў, атап айтқанда, халықтың төлеў қәбилетиниң төменлегенлигин есапқа алып, студентлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде базалық төлемли контракт муғдарларына (яғный, стипендиясыз суммаға) 10 процентлик муғдарда шегирме берилген еди.

2021-жыл 1-февральдан мийнет ҳақы муғдарлары 10 процентке көбейтилген болса да, оқыў жылы ушын шегирме берилген базалық контракт муғдары сақлап қалынды.

Мысал сыпатында алып қарасақ, педагогика, техника, гуманитар пәнлер тәлим бағдарлары бойынша күндизги формада төлемли контракт муғдары шегирме есабынан 5 771 349 сум етип белгиленген еди. Негизинде болса усы бағдарларда контракт муғдары 2020-жыл 1-сентябрьден 6 412 610 сум, 2021-жыл 1-марттан баслап болса оқыў жылы ушын белгиленген муғдарға салыстырғанда 16 процентке жоқары, яғный 6 733 555 сум муғдарында болыўы керек еди.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, белгиленген тәртипке муўапық, 2021-жыл 1-сентябрьден баслап 2021-2022-оқыў жылы ушын (стипендиясыз) базалық төлемли контракт муғдарлары тәлим бағдарларына қарап 7 759 440 сумнан 11 869 440 сумға шекем етип белгиленип, 34,4 процентке көбейтилиўи керек еди.

Соған қарамастан, Мәмлекетлик комиссияның қабыл еткен қарарына муўапық, ҳәзирги ўақытта республикадағы пандемия шараятын есапқа алып, базалық төлемли контракт муғдарлары ҳақыйқатында да орнатылыўы керек болған муғдарларға салыстырғанда кемейтилген муғдарларда тастыйықланды, яғный 2021-2022-оқыў жылында төлемли контракт муғдарлары 10 процентке көбейтилмеген, ал орнатылыўы керек болған муғдарға салыстырғанда 21,1 процентке кем етип белгиленген.

Итибарлы тәрепи, бунда коронавирусқа қарсы ықтыярлы түрде шаншылған күндизги тәлим бағдарларында оқып атырған студентлер ушын контракт муғдары өзгериссиз қалады.

Мәселен, педагогика, техника, гуманитар бағдарларда оқып атырған студентлер стипендиясыз базалық төлемли контракт суммасы 10 процентлик муғдарда шегирме бонусы берилгеннен соң 5 771 349 сумды қурайды.

Рәсмий билдириўде жазылыўынша, бүгин белгиленген төлемли контракт муғдарлары студентти оқытыў қәрежетлериниң тек ғана орташа 68,4 процентин қурайды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.