Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Студент жасларды өз үстинде турақлы ислеўге ҳәм илимий-изертлеў жумысы менен шуғылланыўға ийтермелеў, олардың талантын көрсетиў ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыў, билимли ҳәм талантлы жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2021-2022-оқыў жылынан баслап:

а) Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясының квотасы:

таяныш докторантурада оқып атырған докторантлар ҳәм магистратура басқышы студентлери ушын еки есеге арттырылып, тийислисинше10 ҳәм 22 етип;

бакалавриат басқышының студентлери ушын болса ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесине 1 студенттен етип белгиленсин;

б) Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған қәбилетли студентлерди хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиялар енгизилсин;

в) Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм арнаўлы мәмлекетлик стипендиялары мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқып атырған және республикамызда жумыс ислейтуғын сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң филиаллары ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлери бакалавриат басқышының студентлери ушын да қолланылсын.

  1. 2. Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм арнаўлы мәмлекетлик стипендиялар таңлаўларының дәслепки басқышы жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен өткерилетуғыны ҳәм таңлаўдың гезектеги басқышына усыныс етилетуғын талабанлар тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң қатнасыўында анықланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм арнаўлы мәмлекетлик стипендиялары таңлаўларының Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған тәртипке муўапық Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде шөлкемлестирилетуғын комиссиялар тәрепинен өткерилетуғыны;

биргеликтеги билимлендириў бағдарламасы тийкарында мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесиниң, республикамызда жумыс ислейтуғын сырт ел жоқары билимлендириў шөлкеминиң филиалы ямаса мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемин тамамлаған Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса арнаўлы мәмлекетлик стипендиясының ийеси болған студентлер де мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесиниң магистратурасына  бакалавриаттың тәлим бағдарына сәйкес ҳәм уқсас қәнигелик бойынша кириў имтиханларысыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилетуғыны  белгилеп қойылсын.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

бир ай мүддетте Жоқары мағлыўматлы илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар қәнигеликлериниң дизими ҳәм Жоқары билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң классификаторына муўапық билимлендириў тараўларын есапқа алған ҳалда таяныш докторантурада оқып атырған докторантлар ҳәм магистратура басқышының студентлери ушын Өзбекстан Республикасы Президенти  және бакалавриат басқышы студентлери ушын  арнаўлы мәмлекетлик стипендиялардың таңлаў бағдарларының дизимин тастыйықласын;

ҳәр жылы бакалавриат басқышының студентлери ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм арнаўлы мәмлекетлик стипендияларының квоталары бойынша усынысларды жоқары билимлендириў мәкемелериниң кесиминде Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизип барсын;

системасында жоқары билимлендириў мәкемеси болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм арнаўлы мәмлекетлик стипендиялары таңлаўларының дәслепки басқышы жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен ашық-айдын, әдил ҳәм жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Усы Пәрманда белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар 2021-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында тийисли министрликлер ҳәм уйымларға ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылады, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылады.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1993-жыл 5-февральдағы «Өзбекстанның оқыўшы жасларын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-555-санлы Пәрманына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының директоры М.М.Каримов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 9-сентябрь