Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында екинши ҳәм оннан кейинги тәлим алыў нийетинде болған талабанлар дыққатына!

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 4-санлы протоколы тийкарында 2021-2022-оқыў жылында екинши ҳәм оннан кейинги тәлим (екинши қәнигелик) ушын талабанлардан ҳүжжет қабыллаў ikkinchitalim.edu.uz сайты арқалы усы жылдың 25-сентябрь күнине шекем онлайн тәризде әмелге асырылыўы белгиленди.

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.