Бүгин, 6-сентябрь күни барлық билимлендириў мәкемелеринде жаңа 2021-2022-оқыў жылы дәстүрий түрдеги сабақлар менен басланды. Быйыл Қарақалпақстандағы мектеплердиң 1-класына 34 мыңнан аслам оқыўшы қәдем қойған болып, оларға оқыў қураллары, мектеп папкасы, сабақлықлар топламынан ибарат Президент саўғалары тапсырылды. Бул ҳаққында ҚР Халық билимлендириў министрлиги хабар берди.

Быйыл «Биринши қоңыраў» илажлары «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында шөлкемлестирилген болып, онда мектеплердиң көзге көринген питкериўшилери, исбилерменлер ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басшылары да қатнаспақта.

«Билимлер күни» мектеплерде «Ғәрезсизлик сабақ»лары менен басланып, онда Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги дәўиринде қолға киргизилген табыслар ҳаққында оқыўшыларға мағлыўматлар бериледи.

Еслетип өтемиз, мәлим себеплерге бола мектепке бара алмаған оқыўшылар ушын параллель түрде «Онлайн мактеп» жойбары шеңберинде телеканаллар арқалы да үйде билим алыўға имканият жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.